Елликқала районында Президент қарарына тийкар халықтың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша жумыслар даўам етпекте
1168
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары бойынша Елликқала районы аймағында бир қатар қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.
Соннан, 6 жойбарда 8,9 млрд. сумлық 33 км ишки хожалық жолларын оңлаў, 3 жойбар бойынша 6 млрд. сумлық 15 км ден зыят ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў тармақларын жақсылаў, 2 жойбарда 900 млн сумлық электр тәмийнатын жақсылаў, трансформатор пунктлерин оңлаў, темир бетон бағаналарын алмастырыў ҳәм 4 млрд. сум муғдарындағы 4 мәҳәлле пуқаралар жыйыны имаратын жаңадан қурыў белгиленген.
Буннан тысқары, Таза бағ аўылынан өтиўши пиядалар өтиў көпирин ҳәм «Шарқ юлдузи» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши бетон көпирди оңлаў, газ тармақларын реконструкциялаў да режеге киргизилип, тийисли қаржылар ажыратылған. Бүгинги күнде қарардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети