Бир бас малы болмаса да шарўашылық хожалығы сыпатында дизимнен өтип, мәмлекет жеринен мақсетсиз пайдаланып келгенлер анықланды
876
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳәм тараўдағы машқалалар бойынша өткерген селектор мәжилисинде бүгинги күнде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде шарўашылықты еле де раўажландырыў арқалы халықтың гөш, сүт, мәйек, балық ҳәм таўық гөши өнимлерине болған талабын толық тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан екенлигин атап өтип, бул бағдардағы жумысларды атқарыўда айырым жуўапкерлер тәрепинен жол қойылып атырған қопал қәте-кемшиликлерге тоқталды.
Соннан, үйрениўлер нәтийжесинде анықланған, республикамыз аймағындағы 59 шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықларында бүгинги күнде 1 бас малы болмаса да ис жүргизип киятырғанлығы тилге алынды.
Атап айтқанда Тахтакөпирде 11 хожалық;
- Бозатаўда 9 хожалық;
- Төрткүлде 9 хожалық;
- Әмиўдәрьяда 8 хожалық;
- Тақыятаста 6 хожалық;
- Қоңыратта 4 хожалық;
- Берунийде 3 хожалық;
- Хожелиде 2 хожалық;
- Шоманайда 2 хожалық;
- Қанлыкөлде 2 хожалық;
- Кегейлиде 2 хожалықта бирде бир малы жоқ болса да әмелде шарўашылыққа қәнигелескен фермер хожалығы сыпатында дизимнен өтип, бүгинги күнде егислик ҳәм жайлаў майданларынан мақсетсиз пайдаланып келмекте.
Ҳәзирги ўақытта усы мақсетсиз пайдаланып келинген жер майданларынан ақылға уғрас пайдаланыўды қайта жолға қойыў бойынша тийисли ўәкилликли уйымларға анық тапсырма ҳәм мүддет белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети