Район ҳәкимликлери есабында турған резерв жерлер ҳеш бир ҳүжжетсиз пайдаланыўға киргизилген
680
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен аўыл хожалығы тараўында алып барылған үйрениўлер нәтийжесинде бир қанша нызамсыз ҳәрекетлер анықланған.
Атап айтқанда, өткерилген мониторинг нәтийжесинде район ҳәкимликлериниң резервинде турған 7 157 гектар егислик жерлерге ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егип келгенлиги анықланған.
Атап айтқанда:
- Шоманайда 2 408 гектар,
Берунийде 665 гектар,
Қанлыкөлде 643 гектар,
Қараөзекте 436 гектар,
Тақыятаста 392 гектар,
Шымбайда 363 гектар,
Төрткүлде 203 гектар,
Бозатаўда 182 гектар,
Қоңыратта 107 гектар ҳәм Кегейли районында 89 гектар жер майданға ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егилип келинген.
Бул кемшиликлер ҳәкимлердиң ҳәм тараў басшыларының итибарсызлығы себебинен келип шыққан.
Соның менен бирге тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң бири болған картошка ҳәм пыязды жетистириў бойынша ҳеш бир районда қәнигелескен хожалықлар шөлкемлестирилмеген ҳәм бул хожалықларды шөлкемлестириў бойынша ҳеш бир мәселе көтерилмеген.
Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге қатаң жаза шарасын қоллаў илажлары көрилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети