Үйрениўлер даўамында айырым орынларда абаданластырыў ҳәм тазалық жумыслары талап дәрежесинде емес екенлиги анықланды
Үйрениўлер даўамында айырым орынларда абаданластырыў ҳәм тазалық жумыслары талап дәрежесинде емес екенлиги анықланды
1287
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтиң тапсырмасы менен Нөкис районы аймағындағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапларының тазалығы, орынлардың абаданластырыў жағдайлары үйренип шығылған еди.
Айтып өтиў орынлы, барлық орынларда да бул бағдардағы жумыслар қанаатландырарлы дәрежеде емес. Яғный, көп қабатлы турақ-жайлардың әтираплары абаданластырылмаған, буларға бекитилген шығындылар менен ислесиўши кәрханалар, ширкет хожалықлары ҳәм басқа да жуўапкерлер тәрепинен тийисли жумыслар әмелге асырылмаған. Нәтийжеде, санитар-гигиеналық талаплар бузылып, келешегимиз ийелери болған балалар ойнайтуғын майданшалар, үй алдылары шығындыларға толған. Ең ашынарлысы, бул унамсыз жағдайға бирде бир басшы, бирде бир жуўапкер, ҳәттеки усы аймақларда жасаўшы пуқаралар да итибар қаратпаған.
Айырым аймақларда шығынды таслаў орынлары бола тура, әдейи ашық орынларға шығынды таслап кетиў жағдайлары да ушырасты.
«Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында 22 көп қабатлы турақ-жайлар бар болып, бул турақ-жайларда 364 хожалық жасайды. Көп қабатлы турақ-жайлардың әтирапында жыйналған шығындыларды алып кетиўге Нөкис районы «Таза худуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы хызмет етип келмекте. Тилекке қарсы бул көп қабатлы турақ жай әтираплары оғада ашынарлы жағдайда. Басқа орынды айтпаяқ Нөкис районы ҳәкимлиги әтираплары да шығындылар, түрли от-шөплер менен толып, районда абаданластырыў жумысларына итибардың қандай дәрежеде екенлигин көрсетип турыпты.
Тазалыққа итибар қаратыў, үй алдыларын, әтирап-аймақларын азада сақлаў әсирлер даўамында халқымыздың күнделикли турмысы менен сыбайлас бүгинги күнге шекем жетип келген. Бирақ, хәзирги ўақытта айырым пуқаралар өзлериниң үй алдыларына да итибар қаратпай, я бир түп терек екпей, я шығындыларын тазаламай көше мәденияты, санитар-гигиена талапларын бузып атырғанлығы да сыр емес. Бул тек ғана жеке пуқараларға тийисли дегеннен аўлақпыз. Айырым, мәкеме-шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери, кафе, ресторан, дүкан ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар орынларда имарат алдылары қараўсыз қалып, өз ҳалына таслап қойылған.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде мәҳәлле ҳәм аймақларды абат етиў бойынша қаншама жумыслар әмелге асырылып атыр. Усы ийгиликли жумысларға ҳәр бир пуқара ҳәр бир исбилермен, ҳәр бир мәкеме-шөлкем биргеликте аяқ қосса мақсетке муўапық болар еди. «Абатлық кеўилден басланады» дегениндей, кеўлимиз абатлығы әтирап-аймағымызда да өз сәўлесин тапса нур үстине нур болады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети