Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында гезектеги кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди
1060
Бүгин Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимликлери, министрлик ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар талқыланды.
Мәжилис күн тәртибинде дәслеп бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларға арналған мәселе қарап шығылды. Бул бағдарда Салық басқармасы тәрепинен орынланып атырған жумыслар қанаатландырарсыз дәрежеде екенлиги сынға алынды.
Соның менен бирге, мәмлекетлик бағдарламалар, елимизде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары, социаллық объектлер қурылысы ҳәм абаданластырыў жумыслары, олардың бүгинги күндеги барысы бойынша мәселелер қарап шығылды.
Сондай-ақ, бүгинги күнде республикамыз аймағында қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў, бул бағдарда қуяш панеллери жәрдеминде жеке меншик турақ жайларда электр энергиясын алыўды шөлкемлестириў, буның ушын мәмлекет тәрепинен берилетуғын ҳәр қыйлы жеңиллик ҳәм жәрдемлер бойынша түсиник жумысларын алып барыў мәселелери сөз етилди.
Буннан тысқары, мәжилис даўамында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер сынға алынып, жуўапкерлер ескертилди.
Соның менен бирге, бүгинги күнде айырым орынларда улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги балаларға берилип атырған азық-аўқат өнимлериниң сапасы менен байланыслы тексериў жумысларын алып барыў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилис жуўмағында барлық тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилип, анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети