Қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди
1509
<стронг>Президент Шавкат Мирзийоев 27-февраль күни қайта тиклениўши енергия дәреклерин кеңейтиў илажлары бойынша мәжилис өткерди.стронг>
Кейинги жылларда енергетика пүткил дүня жүзинде әҳмийетли мәселеге айланып бармақта. Сол себепли потенциаллы мәмлекетлер оның алтернатив жолларын излемекте. Бүгин дүня енергетикасында «жасыл енергетика» үлеси дерлик 30 процентке жеткен, айырым Европа мәмлекетлеринде 80-90 проценттен артқан.
θзбекстанда да бул бағдарда жедел жумыс алып барылмақта. Кейинги үш жылда енергетика тараўына 8 миллиард доллар муғдарында тиккелей инвестициялар тартылды. Атап айтқанда, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында қуяш електр станциялары иске қосылды. Усы жылы 18 усындай станциялар қурылмақта. Бул арқалы шаңарақларға берилетуғын електр енергиясы 50 процентке көбейеди.
<имг цласс="алигнцентер" срц="ҳттпс: //телегра.пҳ/филе/ф31б62ае115ц91еб4ц732.жпг" />
Улыўма етип айтқанда, енергетика мәселеси мәмлекетимиз басшысының турақлы итибары ҳәм қадағалаўында. Бул тараўда көплеген жойбарлар, аймақларға еткен сапарлар ўақтында анық ўазыйпалар белгиленбекте.
θзбекстан Президентиниң усы жылы 16-февральдағы қарары менен қайта тиклениўши енергия дәреклерин енгизиўди жеделлестириў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилди. Соның ишинде, «Жасыл енергия» компаниясы дүзилип, оған дәслепки 10 миллион доллар қаратылды.
Бул бағдарлама бойынша, усы жылы исбилерменлер, социаллық тараў ҳәм халықтың үйлеринде 1 мың 700 Мегаватт қуўатлылықтағы қуяш панеллерин орнатыў нәзерде тутылған.
<имг цласс="алигнцентер" срц="ҳттпс: //телегра.пҳ/филе/ц1б5518188ц0д5де144цд.жпг" />
Мәжилисте жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслардың шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық тәреплери бойынша мәлимлеме берди.
Атап айтқанда, социаллық тараў обектлери ҳәм мәмлекетлик уйымларда 220 Мегаватт, исбилерменлер тәрепинен 1 мың 300 Мегаватт ҳәм жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың төбесинде 15 Мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллериниң орнатылатуғыны айтылды. Бул бағдарда Әндижан, Қашқадәря, Сурхандәря, Ферғана, Наўайы ҳәм Самарқандта жедел жумыс басланған. Мәмлекетимиз басшысы орынларда жумысларды дурыс шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.
Мәжилисте енергетиканың басқа да бағдарларында көрилиўи керек болған ис-илажлар, соның ишинде, халықты тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў, економика тармақларында ҳәм социаллық тараўда енергия нәтийжелилигин арттырыў, газдиң жумсалыўы жоқары болған өндирис қуўатлылықларын көмирге өткериў, геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, углеводород шийки зат кәнлерин раўажландырыў ҳәм жаңаларын өзлестириў мәселелери де көрип шығылды.