Жоқарғы Кеңес Баслығы Абаданластырыў хызметкерлери менен ушырасып, мақтанышлы ҳәм машақатлы мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди
1652
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласындағы Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, қаламыз тазалығын ҳәм мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеўда тараў пидайылыраның хызметлериниң айрықша екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, өткен 2022-жылда пайтахтымыз Нөкис қаласындағы мәҳәллелерде бурын болмаған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Бул ийгиликли жумыслар даўамында 33 мәҳәлледе 390 км ден аслам топырақ жолларға ЩПС, 152 км жолға асфальт төселди. 14 км жол бетонланды. 40 км ден аслам пиядалар жоллары жаңаланды, 150 км ден аслам жоллар жақтыландырылды. Сондай-ақ, мәҳәллелердеги шараяты аўыр шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары алып барылды. Бул жумыслар бүгинги күнде де даўам етпекте.
Әлбетте, усы жумысларды орынлаўда Абаданластырыў хызметкерлери пидайылық пенен минсиз хызмет атқарды. Олардың бул ийгиликли жумыслардағы салмақлы хызмети бәрҳама ҳүрмет ҳәм итибарға ылайық.
Өткерилген ушырасыўда Нөкис қаласының тазалығын сақлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўды еле де жетилистириў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар тараў хызметкерлерине арнаўлы техникалардың гилтлерин, жаңа хызмет формалары менен бирге баҳалы саўғаларды тапсырды.
Буннан соң, тараў пидайылары «Қарақалпақстан көркем-өнер» сарайында шөлкемлестирилген концерт бағдарламасына мирәт етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети