Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар белсенди студент жаслар менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар белсенди студент жаслар менен ушырасты
2839
Бүгинги күнде елимизде жасларды озық ойлы, жоқары билимли, физикалық жақтан шыныққан ҳәм руўхый бай инсан етип тәрбиялаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, барлық бағдарларда олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин өз теңлеслери арасында айрықша қәбилети менен көзге түскен бир қатар белсенди жаслар менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары жоқары екенлигин атап өтти.
Болып өткен ушырасыў даўамында мәмлекетлик стипендиялар жеңимпазлары ҳәм “Универсиада-2022” спорт жарысларының жеңимпазларына баҳалы саўғалар тапсырылды.
Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылы 84 студент мәмлекетлик стипендия ийеси болыў бахтына миясар болды.
Атап айтқанда:
- 6 студент – Президент стипендиясы,
- 8 студент – Ислам Каримов атындағы стипендиясы,
- 15 студент – Наўайы атындағы стипендиясы,
- 6 студент – Беруний атындағы стипендиясы,
- 2 студент – Улығбек атындағы стипендиясы,
- 8 студент – Ибрайым Юсупов атындағы стипендиясы,
- 6 студент – Төлепберген Қайыпбергенов атындағы стипендиясы,
- 33 студент басқа да стипендиялар ийеси болды.
Жоқары оқыў орынлары студент жаслары арасында турақлы түрде өткерилип киятырған “Универсиада-2022” спорт жарысларының финал басқышына Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларынан 8 команда қатнасып, улыўмалық есапта спорттың баскетбол түри бойынша ер балалар бойынша сайланды команда ҳәм қыз балалар арасынан таңлап алынған командалар сыйлы 1-орынды, спорттың гандбол түри бойынша ер балалар командасы 2-орынды ийеледи. Сондай-ақ, спорттың дзюдо түри бойынша Қарақалпақстаннан 17 спортшы жарыстың финал басқышына қатнасып, жарыс жуўмағында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының 3-курс студент жаслары Е.Сарсенбаев ҳәм З.Зайтов 90 кг. салмақта алтын медальды қолға киргизди.
Өткерилген ушырасыў даўамында студент жаслар менен жақыннан сәўбетлесилип, олардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимиз оларды ҳәр дайым қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети