Жоқарғы Кеңес комитетиниң мәжилиси болып ѳтти
987
Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниӊ нәўбеттеги мәжилиси болып ѳтти.
Онда “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасыныӊ Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында орынланыў барысы туўралы мәселе қарап шығылды.
Мәжилис даўамында Қараѳзек районында 3, Тахтакѳпир районында 3 пуқаралар жыйынлары ѳз балансындағы имаратқа ийе емеслиги, пуқаралар жыйыны жанындағы тийисли комиссиялар ис-режелериниӊ орынланыўы тәмийинленбегенлиги, Қуралпа, Есим өзек, Қаратереӊ ҳәм Мүлик пуқаралар жыйынлары еӊ тѳмен балл топлап, жумыс нәтийжелилиги бойынша артта қалып атырғанлығы сынға алынды.
Сондай-ақ, пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм профилактика инспекторлары жумысларындағы орын алған кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.
Депутатлар күн тәртибиндеги мәселени додалап, шешим қабыл етти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги Президиум мажилисинде қарап шығыў ушын усыныс киргизиў бойынша ўазыйпа белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети