Жоқарғы Кеңес Баслығы жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1121
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, орынларда түрли жынаятларды болдырмаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында биринши нәўбеттеги жумыслар мәҳәлледен басланатуғынлығы ҳәм жаслардың тәрбиясына айрықша итибар қаратылыўы кереклиги есапқа алынып, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен бүгинги күнде мәҳәллелерде жаңа система жаратылған.
Яғный, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм профилактика инспекторлары лаўазымлары енгизилип, олардың ҳәр бирине өзлерине тийисли жөнелислер бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.
Бирақ, усындай жаратылып берилген имканиятлардан дурыс пайдаланылмағанлығы, айырым орынларда жумыслар жеткиликсизлиги себепли өткен 2022-жылда алдыңғы жылға салыстырғанда жынаятшылық 1,9 процентке өсиўине жол қойылған.
Жынаятшылықтың өсиўи Қараөзек, Кегейли, Әмиўдәрья, Қоңырат, Мойнақ, Тақыятас, Тахтакөпир районлары ҳәм Нөкис қаласында артқан.
Бүгинги күнде мәҳәллелердиң криминоген жағдайынан келип шығып, олар “қызыл”, “сары” ҳәм “жасыл” категорияларға ажыратылды.
Бирақ, көпшилик мәҳәллелердеги жумыслар дурыс жолға қойылмағаны, ўазыйпаларды орынлаўға немқурайдылық пенен қаралғанлығы себепли 2022-жылда алды алыныўы мүмкин болған 757 жынаят жүз берген. Мәҳәллелер аймақларында алдын алыў мүмкин болған жынаятлардың басым көпшилиги урлық ҳәм дене жарақатын жеткериў менен байланыслы.
Орынларда жынаятшылықтың алдын алыў илажлары дурыс жолға қойылмағанлығы себепли, айырым мәҳәллелерде жүз берген жынаятлар саны 2021-жылға салыстырғанда өсиўине жол қойылып, олар “қызыл” категорияға киргизилген.
Өткен 2022-жылда оғада аўыр түрдеги жынаятлар саны да артқан. Буннан тысқары, жаслар ҳәм жас өспиримлердиң жынаятқа араласып калыўының алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар да талап дәрежесинде емес.
Нөкис қаласында өткерилген “Қатнас” илажы шеңберинде сабаққа қатнаспай жүрген оқыўшылар бар екенлиги анықланған. Олардың жасаў шараяты үйренилгенде социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға мүтәж екенлиги ҳәм оларға жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атырғанлығы мәлим болған.
Соның менен бир қатарда, мәжилисте ҳаял-қызлардың жынаятшылыққа араласып қалыўының алдын алыў илажлары да талап дәрежесинде орынланбай атырғанлығы атап өтилди.
Бүгинги күнде жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў бойынша бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына қарамай, автомашина басқарыўшыларының қағыйдабузарлықларға жол қойыўы, тезликти ҳәдден тыс асырыўы сыяқлы факторларға байланыслы 2022-жылда жәми 540 жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Соннан адам өлими менен байланыслы 115 ҳәдийсе жүз берип, оларда жәми 137 пуқара дүньядан көз жумған.
Өткерилген мәжилисте усы сыяқлы бир қатар унамсыз жағдайлар, орынларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер сынға алынды ҳәм ҳуқықбузарлық, жынаятшылықтың алдын алыў илажларын күшейтиў, оларды болдырмаў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети