Каналларда толып ағып атырған суўды көрип Ўатанласларымыздың кеўли де толып-таспақта
Каналларда толып ағып атырған суўды көрип Ўатанласларымыздың кеўли де толып-таспақта
1129
Елимизге бәҳәр паслы кирип келмекте. Бул мәўсимде тәбият жанланады, халқымыздың қут-берекети, молшылығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеўши дереги болған зүрәәт, дийқаншылық жумыслары басланады. Айтқандай, усы күнлерде дәрья ҳәм каналларда мәўижленип, толып ағып атырған суў тек ғана дийқан-фермерлеримизди емес, пүткил халқымызды да қуўандырып, ертеңги күнге болған исенимин арттырмақта.
Әлбетте, ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанның алыс аймақларына шекем суў жеткериў мәселесине барқулла айрықша итибар қаратып, бул бағдардағы әмелий жумыслардың басламашысы болып келмекте.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен суў хожалығы тараўын реформалаў, Аралбойының ең алыс аймақларына шекем суў жеткериў бағдарында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы туўрыдан-туўры Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен қадағалаўға алынған.
Усы орында дийқан-фермерлеримиз ҳәм пүткил халқымызды қызықтырып атырған суў муғдарлары ҳаққында да қыскаша мағлыўмат берип өтсек. Кейинги 2-3 жылды анализ еткенде, быйылғы жылда Әмиўдәрья дәрьясы бассейнинде суў муғдары жоқары болып атырғанлығын көриўимиз мүмкин.
Түйемойын суў сақлағышында бүгинги күнде 4 млрд. 200 млн метр куб суў резерви бар. Бул көрсеткиш соңғы жылларға салыстырғанда (бир ярым) 1,5 есе көп дегени. Түйемойын суў сақлағышына бүгинги күнде келип турған суў муғдары секундына 650 метр кубты қурап, өткен жылға салыстырғанда 2,7 есеге, яғный, секундына 400 метр кубқа артық суў келмекте.
Ҳәммемизге белгили, Әмиўдәрья дәрьясы республикамыздың бирден бир суў дәреги есапланады. Онда суў мол болса, суў хожалығы мәкемелери де барлық аймақларға бир ўақытта, үзликсиз суў жеткериў илажларын көреди, әлбетте.
Мәселен, өткен жылы ҳәм 2020-2021-жылларда ҳәттеки шор жуўыў дәўиринде де суўдың тамтарыслығы есабына суўғарыў каналлары арқалы районларға гезекпе-гезек суў жеткерип берилди. Шүкиршилик, быйылғы жылдағы суў муғдарларының жетерли дәрежеде болғаны себепли ҳәзирги ўақытта Төрткүлден Мойнаққа шекемги болған барлық аймақларға бир ўақыттың өзинде суў берилмекте. Итибарлысы, өткен жылда март-апрель айларына шекем шор жуўыў илажларын орынлаў машқала болған Шоманай районындағы “Дослық байрағы”, “Дийқанабат”, Қараөзек районындағы “Қуралпа” ҳәм Тахтакөпирдеги “Маржанкөл” сыяқлы суў жетип барыўы ең аўыр болған аймақларға ҳәзирги ўақытта суў жеткерилип, суўғарыў жумысларына кирисилмекте.
Бүгин Нөкис қаласынан ағып өтиўши “Дослық”, “Анасай” каналларымызда толып ағып атырған суўды көрип, Ўатанласларымыздың кеўли де толып-таспақта десек алжаспаған боламыз. Жасы үлкенлеримиз бул жағдайды жылымыз суўға мол болыўы ҳәм халқымыз дәстүрханлары төгис болыўының бир белгиси деп жақсы нийетлер етпекте.
Өткен жыллар даўамында суўдан нызамсыз пайдаланыў, оны өзбасымшалық пенен ысырап қылыў жағдайлары халқымыз дәстүрханына зәрүр болған аўыл хожалығы егинлериниң егислик майданларында белгиленген режеде егилиўине ҳәм өним алыўда өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип келди.Ҳаслында барлық егислик майданларына суў жеткерип бериў мүмкиншилиги бар. Тилекке қарсы, мине усындай айырым дийқан ҳәм фермерлеримиздиң өзи боларлық жумыслары себепли көпшилик дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик майданларына суў жетип бармай қалған. Быйылғы жылда усы сыяқлы унамсыз жағдайларды болдырмаў ҳәм ең алыс шетки аймақларға шекем суў жетип барыўын тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көриледи ҳәм қатаң қадағалап барылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети