Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Түркия мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады
1276
Түркия мәмлекетиниң «Про пер» энергетика компаниясының ўәкили Картал Гок бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри А.Өтеўлиев қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў мақсетинде энергия дереклери қурылмаларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, қуяш панельлери жәрдеминде электр энергиясын алыўды кеңейтиў, бул бағдарда ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында сөз етилди.
Сөйлесиўлер даўамында «Про пер» энергетика компаниясы тәрепинен республикамыз аймағында қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм жергиликли тутыныўшылар талапларына сәйкес өним жеткерип бериў ҳәм басқа да усы бағдардағы перспективалы жойбарлар мәселелери көрип шығылды.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын ислеп шығарыў, қуяш, самал электр станциялары сыяқлы ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы ҳәм инвестициялық жаңа жойбарлары менен келген инвесторлардың жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламасына барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети