Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди
1457
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында Президент қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди ҳәм соның менен бирге мәҳәллелерде пуқаралар менен ушырасып сәўбетлести.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Қутлы Қоныс ҳәм «Ҳаўа жоллары» мәкан пуқаралар жыйынларына барып, аймақта Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрь күнги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарары тийкарында алып барылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын көзден өткерди. Сондай-ақ, мәҳәлле нураныйлары ҳәм белсендилеринен ибарат аймақ турғынлары менен жақыннан сәўбетлести.
Айтып өтиў орынлы, Президент қарарына тийкар Нөкис қаласы аймағында жәми 54 млрд. 27 млн сумлық қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген болып, 37 млрд. 776 млн сум муғдарында 44,9 км ишки жолларды оңлаў, 8 млрд. 130 млн сумлық 49,2 км ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларын тартыў, 325 млн сумлық 7,2 км электр энергиясы ҳәм газ тәмийнатын жақсылаў, 7 млрд. 800 млн сумлық спорт ҳәм басқа да объектлерди қурыў бойынша қурылыс жумыслары орынланыўы режелестирилген. Бүгинги күнде Қутлы Қоныс мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 1,9 км ишимлик суў тармақларын жаңалаў жумыслары даўам етпекте.Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткериў шеңберинде Жоқарғы Кеңес Баслығы халқымызға сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў, соның менен бирге аўыл хожалығы майданларына суў ресурсларын тежеўши үскенелер арқалы суў жеткерип берилиўин тәмийинлеўде әҳмийетли болған суў қубырларын ислеп шығарыўшы “SOF POLYMER” ЖШЖ кәрханасы жумыслары менен жақыннан танысты. Кәрханада бүгинги күнде ислеп шығарыў көлеми арттырылып атырған болып, Қос көл мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ушын жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.
Мағлыўмат орнында айтыў өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары менен 2023-2028-жылларда Қарақалпақстан Республикасы район (қала) ҳәкимликлерине тийисли топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў бағдарламасы тастыйқланған болып, қарар шеңберинде Нөкис қаласына 53 млрд. 75 млн сум қаржы ажыратылып, 414 км ишки жоллар оңланыўы режелестирилген. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли үй-жайлардың төбесин шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў бойынша 40,2 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, Нөкис қаласындағы 64 мәҳәлледе жайласқан 3000 ға шамалас үй-жайды оңлап бериў белгиленген. Мениң жолым бағдарламасы шеңберинде де 3 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, пуқаралардың талабына муўапық ишки жолларды оңлаўға бағдарланады. Алып барылып атырған көлемли жумыслар нәтийжесинде турмыс абаданлығын сезинип атырған пуқаралар Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар турмыста өз сәўлесин таўып атырғанлығын айтып өтти ҳәм миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети