Республикамызға жаңа "Тез жәрдем" автотранспортлары алып келинди
Республикамызға жаңа "Тез жәрдем" автотранспортлары алып келинди
1485
Бүгин Республикамыз аймағына наўқасларға “Тез жәрдем” хызметин усыныўдың сапасын жақсылаў, медициналық жәрдем көрсетиўди жетилистириў мақсетинде 10 дана жаңа автотранспорт қураллары алып келинди. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде “Тез жәрдем” бөлимлери ушын ажыратылған 10 дана заманагөй “Volkswagen Caddy” автотранспортлары гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды. Айтып өтиў орынлы, усы жылдың январь айында усындай заманагөй тез жәрдем автотранспортларынан 10 данасы алып келинип, районлық медицина бирлеспелерине тапсырылған еди. Арадан көп ўақыт өтпестен және 10 жаңа тез жәрдем машиналары республикамызға алып келинди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети