Жоқарғы Кеңес Баслығы кадрлар менен ислесиў, мәмлекетлик хызметкерлердиң тәртип-интизамын беккемлеў ҳәм жол қойылған кемшиликлер ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы кадрлар менен ислесиў, мәмлекетлик хызметкерлердиң тәртип-интизамын беккемлеў ҳәм жол қойылған кемшиликлер ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
2540
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кадрлар менен ислесиў, мәмлекетлик хызметкерлердиң тәртип-интизамын беккемлеў ҳәм жол қойылған кемшиликлер ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген мәжилисте кадрлар менен ислесиў, мәмлекетлик хызметкерлердиң тәртип-интизамын беккемлеў ҳәм бул бағдарда жергиликли ҳәкимиятлар ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен жол қойылып атырған айырым қәте-кемшиликлер бойынша мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде районлардағы ҳәким орынбасарлары ушын кадрлар резерви қәлиплестирилген болса да талап дәрежесинде исленбеген. Қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен резервке киргизилген кандидатлардың қәнигелиги лаўазым маманлық талапларына сәйкес келмесе де усынылған.
Ең ашынарлысы, ҳеш ким бизден сорап турған жоқ деген пикирде болып, қала ҳәм район ҳәкимлиги номенклатурасына алынған лаўазымларға кадрлар резерви усы күнге шекем ислеп шығылмаған.
Сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлери жаңа перспективалы кадрларды таңлаў, оларды тәрбиялаў ҳәм таярлаў жумысларына улыўма немқурайдылық пенен қарап келмекте. Буннан тысқары, бүгинги күнде қала ҳәм район ҳәкимликлеринде бир неше айдан берли айырым жумыс орынлары бос турғанлығы анықланған. Жоқарыдағылар менен бир қатарда, айрым қала ҳәм район ҳәкимликлеринде кадрлардың тез-тезден алмасыўы жоқары дәрежеде қалмақта.
Буннан тысқары, барлық ҳәкимликлерде жәми 145 хызметкер, 2022-жыл даўамында мийнет дем алысына шығарылмаған. Ҳәкимликлерде 32 хызметкер ийелеп турған лаўазымлары бойынша қәнийге емес екенлиги анықланған.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, мәмлекетлик уйымлардың ишинде үйренилген 41 министрлик ҳәм басқарыў уйымларында бос жумыс орынлары жасырылғанлығы анықланған.
Айырым министрлик ҳәм басқарыў уйымларында кадрлардың тез-тезден алмасыўы жоқары дәрежеде қалмақта. Усылар менен бир қатарда, үйренилген 41 министрлик ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерде жәми 750 хызметкер 2022-жылда мийнет дем алысына шығарылмаған.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 19-майдағы арнаўлы қарары тийкарында 2022-жылдан баслап барлық мәкемелерге кадрларды жумысқа қабыл етиў ушын кандидатураның шет тилин билиўи мәжбурий екенлиги белгилеп қойылған.
Усыған қарамастан, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде кадрларды жумысқа қабыл етиўде Президент қарары талаплары орынланбаған.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, 2022-жылда қала ҳәм район ҳәкимлери ҳәм де олардың орынбасарлары тәрепинен өз хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қарап, белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде жол қойған қәте-кемшиликлери ушын жәми 51 лаўазымлы шахсқа «Сөгис» ҳәм 4 лаўазымлы шахсқа ис-ҳақысының 30 процент муғдарында жәрийма салынған.
Мәмлекетлик басқарыў уйымларында басшы ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп атырған шахслар жәмийетте өзиниң кәсиплик мәденияты, жүрис-турысы, минез-қулқы, кийиниўи, әдеп-икрамлылығы менен басқаларға өрнек болыўы зәрүр.
Тилекке қарсы айырым басшы ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп атырған шахслар, айырым район ҳәкимлериниң орынбасарлары тәрепинен лаўазымына ылайық болмаған ис-ҳәрекетлер исленген.
Өткен 2022-жыл басынан бүгинги күнге шекем басшы ҳәм лаўазымлы 11 шахс мәс ҳалында автотранспортын басқарып, жол ҳәрекети қағыйдаларын қопал тәризде бузғанлығы анықланды.
Өткерилген мәжилисте бундай кемшиликлерге тәкрарый жол қойылса, өзлерине жүклетилген ўазыйпалардың орынланыўына немқурайдылық пенен қараған басшылардың лаўазымына ылайықлығы мәселеси қарап шығылатуғынлығы атап өтилди.
Мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилип, жуўапкерлерге мүддет берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети