Жоқарғы Кеңес Баслығы Қараөзек районы жаслары менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қараөзек районы жаслары менен ушырасты
1678
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында бир қатар жаслары менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳәм оларға ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары жоқары екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде жасларды озық ойлы, жоқары билимли, физикалық жақтан шыныққан ҳәм руўхый бай инсан етип тәрбиялаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, барлық бағдарларда олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атыр.
Шынында да, ҳәзирги ўақытта жәмийетимиздиӊ барлық тараўларында жаслардыӊ белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Себеби, Жаслар – тийкарғы күшимиз ҳәм ертеңги келешегимиздиң қурыўшылары болып табылады.
Айрықша айтып өтиўимиз керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар жасларымыздыӊ бәнтлигин тәмийинлеўде, олардыӊ кәсип-өнер ийелеўинде, өзлериниӊ идея ҳәм жойбарларын әмелге асырыўда, киши бизнес ҳәм исбилерменлик жумысын алып барыўында әҳмийетли орын тутып, қосымша имканиятларды жаратып бермекте.
Сондай-ақ, бүгинги күнде жаслардың машқалаларын “мәҳәллебай” үйрениў ҳәмде шешиў системасы жолға қойылды. Барлық мәҳәллелерде жаслар менен тиккелей ислесетуғын жаслар жетекшилери лаўазымлары енгизилип, оларға зәрүрли шараятлар жаратылды.
Өткерилген ушырасыў ашық пикирлесиў усылында болып, район жаслары Жоқарғы Кеңес Баслығына өзлериниң машқалалары менен бирге пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Мәселен, Қараөзек аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Б.Базарбаев анасының наўқас екенлигин ҳәм оны емлеўханаға жатқарыўда бираз қолы келтелик етип атырғанлығын айтып мүрәжат етти. Б.Базарбаевтың мүрәжаты сол орынның өзинде унамлы шешилип, жуўапкерлерге наўқас анасын емлетиў бойынша тапсырма берилди.
Райондағы 33-санлы мектеп оқытыўшысы А.Қазақбаева мектепте оқыўшыларға сапалы билим бериўде керекли болған электрон доска менен тәмийинлеўди сораған болса, Бердақ АПЖ турғыны А.Бахиев аймағынан спорт зал шөлкемлестириў ушын бос имарат ажыратылыўын сорады. Сондай-ақ, П.Аяпбергенова райондағы жаслар орайының китапханасына керекли болған китаплар менен тәмийинлеў бойынша өз пикирин билдирди. Жақында ғана мәртлик мектебинде тәрбияланған Ф.Маратов район жаслары ушын Әскерий гарнизонға саяхат шөлкемлестириўди сорады.
Өз нәўбетинде жаслар тәрепинен билдирилген мүрәжат ҳәм пикир-усыныслар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен сол орынның өзинде унамлы шешимин тапты.
Ушырасыў даўамында билдирилген пикирлерден келип шығып, кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары IT тараўында оқыўы ушын оқыў пуллары мәмлекет есабынан төлеп берилетуғын болды.
Соның менен бирге, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде “Руўхыйлық күни” шеӊберинде “Театр күни”, “Музей күни” белгилеп алынып, белгиленген график тийкарында жаслардың театр ҳәм музейлерге саяхатлары шөлкемлестирилетуғын болды.
Жаслар менен Жоқарғы Кеңес Баслығының ушырасыўы жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды ҳәм бундай илажлар буннан былай да жийи-жийи өткерилиўи атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети