Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
2547
Азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў түнги саат 03:00 ге шекем яғный, 17 саат даўам етти. Бүгин Қоңырат районындағы Ханжан МПЖ аймағындағы Медицина техникумы имаратында Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Шоманай районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Болып өткен қабыллаўда пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Атап өтиў орынлы, өткен 2022-жылдан Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўы шөлкемлестирилип, пуқараларды қыйнап киятырған, олардың социаллық турмысында ушырасып атырған машқалалар, сондай-ақ, бәнтлик, исбилерменлик, жәрдем көрсетиў ҳәм басқа да мәселелерге шешим табыў бойынша барлық тараў басшылары менен биргеликте орынларда болып, халқымыздың тәшўиш ҳәм мүтәжликлери үйренилген еди. Соның менен бирге, барлық орынларда пуқаралардың кеўил-кейпиятына тәсир етиўши баслы машқалаларға шешим табыў, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде жәрдемге мүтәж хожалықлардың қыстан бийзиян шығыўын тәмийинлеў, үй-жайын оңлаўға зәрүрлиги болса да имканияты жетпей атырған шаңарақлардың турақ-жайларын оңлап бериў сыяқлы бир қатар ийгиликли ислер бүгинги күнде де даўам еттирилмекте. Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар қатарында социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж хожалықларға жәрдем көрсетиў, қурылыс, коммуналлық машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Мәселен, Қоңырат районы Қырық қыз АПЖ турғыны Қ.Өтегенов 1000 хожалыққа шамалас аўылы интернет тармағына жалғанбағанлығы бойынша билдирген мүрәжаты орнында шешимин таўып, усы жылы хожалықлардың барлығына толық интернет тармағы тартылыўы белгилеп алынды. Мойнақлы Р.Аяпованың мүрәжаты бойынша материаллық жәрдем берилип, районлық медицина бирлеспесине жумысқа орналастырылды. П.Нығметовтың мүрәжаты да орнында шешимин тапты ҳәм Мойнақ районы Қызылжар АПЖ ҳәм Әлий аўылын байланыстырыўшы жолды оңлаў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Сондай-ақ, Ташкент қаласында нефт-газ жөнелиси бойынша оқып, дерлик 4 жылдан берли қәнийгелиги бойынша жумысқа орналаса алмай атырған Б.Нурмановтың да мүрәжаты орнында шешимин тапты ҳәм Үстирт газ қазып шығарыў басқармасына жумысқа орналастырылды. А.Наўрызбаеваның мүражаты бойынша контракт пуллары төлеп берилетуғын болды. Шоманай район турғыны С.Алланазаров шаңарақлық бақша шөлкемлестиргени бирақ, оны ашыў ушын толық имканияты жетпей атырғанлығы бойынша билдирген мүрәжаты да унамлы шешимин тапты ҳәм өз жумысын жолға қойыў ушын 1 ҳәпте мүддетте кредит қаржылары ажыратылып, нәтийжеде 14 жаңа жумыс орны ашылатуғын болды. Быйыл Мамый АПЖ турғыны Б.Ембергеновтың шаңарағында мүсийбет болып, үйи жанып кеткен еди ҳәм бул бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат етти. Бул мүрәжат та унамлы шешилип, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша үйи жаңадан қурып берилетуғын болды. Қанлыкөл районынан бағыўшысынан айырылған, үй-жайға мүтәжлиги бар У.Халмуратова район орайынан социаллық үйге жайластыралатуғын болды. Г.Ерманова болса, жаңадан қурып питкерилген бақшаға жумысқа жайластырылып, бәнтлиги тәмийинленди.
Қабыллаўда буннан басқада көпшилик пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленип, студент жаслардың контракт пуллары төлеп берилди ҳәм мүрәжатлар тийкарында машқалалар шешим тапты. Улыўмаластырып айтқанда, бүгинги қабыллаўда 700 ге шамалас мүрәжат келип түсти ҳәм оның басым көпшилиги яғный 55 пайызы орнында унамлы шешимин тапты. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети