Конституцияға усыныслар жуўмағы бойынша мәсләҳәтлесиўлер болып өтти
Конституцияға усыныслар жуўмағы бойынша мәсләҳәтлесиўлер болып өтти
1648
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатаси депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары, Жоқары суд админстрациясы менен ушырасты. Ушырасыўда Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша халқымыз тәрепинен келип түскен усыныслар жуўмағы бойынша мәсләҳәтлесиў болып өтти.
Депутатлар жәмийетшилик тәрепинен жиберилген 200 мыңнан артық усыныслардың ҳәр бирин терең үйренип шықты, бунда халықаралық тәжирийбе де есапқа алынды, түрли тараўлардаң жетик қәнигелер ҳәм экспертлер тартылды.
Бир неше ай даўам еткен үйрениўлер нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Конституциялық нызам жойбарының жуўмақлаўшы редакциясы таярланды.
Усы нызам жойбарында социаллық-экономикалық, сиясий ҳәм мәмлекетлик басқарыўы тараўларына тийисли оғада әҳмийетли өзгерислер сәўлеленгени себепли нызам жойбарын референдумға қойыўдан алдын депутатлар Өзбекстан Республикасы Конституциясының 83-статьясында белгиленген нызамшылық басламасына ийе субъектлер менен мәсләҳәтлесиўлер өткерилмекте.
Бунда парламент ҳәм ҳүкимет, жәмийетшилик ўәкиллери нызам жойбарына өз усыныслары ҳәм пикирлерин билдирмекте.
Сондай-ақ, усы нызам жойбары Конституциялық суд тәрепинен айрықша көрип шығылыўы ҳәм жуўмақ берилиўи атап өтилди.
Мәсләҳәтлесиўлер даўам етеди.