Жоқарғы Кеңес Баслығы Бостан каналының шығыс бөлегиниң ашылыў мәресиминде қатнасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Бостан каналының шығыс бөлегиниң ашылыў мәресиминде қатнасты
1497
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Жәҳән банки қатнасыўындағы “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары шеңбериндеги Бостан каналының шығыс бөлегиниң ашылыў мәресиминде қатнасты.
Өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздың қубла районларын ағын суў менен тәмийинлеўде каналда алып барылған реконструкция жумысларының әҳмийети, егислик майданларының суў менен тәмийинлениўиниң жақсыланғаны, бүгинги күнге келип ең алыс аймақларға шекем суў жеткерилип берилиўи тәмийинленгени бойынша атап өтти.
Илажда республикамыздың қубла районлары ҳәкимлери, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы ўәкиллери, нураныйлар ҳәм басқа да тараў хызметкерлери қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасына ағын суў жеткерип берилиўин жақсылаўға қаратылған итибары нәтийжесинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Усы тийкарда Жәҳән банки қатнасыўында “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары әмелге асырылып атырған болып, бүгинги күнде жуўмақланыў басқышындағы қурылыс жумыслары алып барылып атыр.
Жойбар шеңберинде 614,5 км узынлықтағы магистраль ҳәм хожалықлараралық каналлар ҳәм 1470 гидротехникалық объектлер қайта тикленеди, 16 мың га суўғарылатуғын майданлар лазер жәрдеминде тегисленеди ҳәмде терең жумсартылады, 33,4 км узынлықтағы жаңа канал ҳәмде 91 дана гидротехникалық объектлер қурылыўы белгиленип, бүгинги күнде бул жумыслар жедел пәтте даўам еттирилмекте.
Усы илажлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының Елликқала (33,2 мың га), Беруний (34 мың га) ҳәм Төрткүл (32,8 мың га) районларының 100 мың гектар суўғарылатуғын жерлеринде суў ресурслары басқарылыўы жақсыланады ҳәм жылына 269 млн. м3 суў үнемлеп қалынады.
Әмиўдәрьядан суў көтерип берип атырған “Беруний насос станциялары” басқармасы балансындағы 3 ири Дослық 16,2 м3/сек, Қилчинақ 26,4 м3/сек ҳәм Найман-Бестам 22 м3/сек, 20 үлкен ҳәм киши насос станциялары тоқтатылады, қосымша СИУ ҳәм фермер хожалықлары есабындағы 402 ден артық насос агрегатлары тоқтатылады ҳәм нәтийжеде жылына 6,9 млн. доллар муғдарындағы электроэнергия ҳәм пайдаланыў шығынлары тежеп қалынады.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде жәми 610 км тийкарғы ҳәм хожалықлараралық суўғарыў каналлары қайта тикленди, 29,5 км узынлықта жаңа каналлар ҳәмде жаңадан 932 гидротехникалық объектлер қурылды, 15,44 мың га суўғарылатуғын майданлар лазер жәрдеминде тегисленди ҳәмде терең жумсартылды.
Канал толық иске түскеннен соң 100 мың гектарлық егислик майданларын суўғарыў имканияты жаратылады. Алдын Түйемойын суў сақлағышынан егислик майданларға шекем суў жетип бараман дегенши 48 процент суў жоғалтылатуғын еди, яғный суўдың пайдалылық коеффициенти 52 процентти қурайтуғын еди. Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң көби менен жоғалтылатуғын суў муғдары 15 процентке шекем азайып, егислик майданларына суў жетип барыўы 85 процентке шекем көбейеди. Бул өз гезегинде дийқаншылық пенен шуғылланыўшы, қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм кластерлер ушын экономикалық жақтан салмақлы пайда келтиреди.
Айтып өтиў орынлы, суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў бағдарында ҳүрметли Президентимиз басламасы менен алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесинде Қарақалпақстандағы суўғарылатуғын аўыл хожалығы егислик майданларына, пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлерине суў жетип барыўы жақсыланбақта. Быйылғы жылда Түйемойын суў сақлағышында жыйналған суў муғдарының көбейиўи, ең алыс шетки аймақларға шекем ағын суўдың жетип барыўы, канал ҳәм арналарда суўдың мол ағып турғаны буның айқын мысалы есапланады.
Улыўма айтқанда, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары нәтийжесинде тиришилик дереги болған суў мол болып, ағын суў жетип барыўы машқала болған аймақлар суў менен тәмийинленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети