Бүгин Нөкис қаласының орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды шығарып салыў ҳәм «Ўатан таянышы» ҳәрекетиниң ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықларды тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын өтеў ушын кетип баратырғаны ҳәм «Ўатан таянышы» ҳәрекетиниң ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери, Ўатанымыздың мәрт қорғаўшыларының ата-аналары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиз Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге үлкен итибар қаратылмақта.
Усындай көлемли илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери менен тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 2-марттағы арнаўлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген «Ўатан таянышы» балалар ҳәм жас өспиримлер ҳәрекети де жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын тутпақта.
Бүгинги күнде Қарақалпақстанда жәми 10 мың 714 жаслардан ибарат 693 “Ўатан таянышы” отрядлары дүзилген.
Өткерилген илажда Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районындағы ең белсенди болған төрт “Ўатан таянышы” отряды ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықлар салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм әскерий оркестор намалары астында Ўатанды қорғаўға атланған жасларға ақ жол тиленип, мәртлер қатарына шығарып салынды.
Илаж соңында мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети