Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз сегизинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме
1831
2023-жыл 14-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз сегизинши жалпы мәжилиси болып өтти.
Сенаторлар «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша референдум өткериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Быйыл 10-март күни Нызамшылық палатасының мәжилиси өткерилип, онда Конституциялық нызам жойбары бойынша референдумды белгилеў ҳәм оны өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди. Қарарда, оның Конституцияға муўапықлығын анықлаў ушын оны Конституциялық судқа жибериў ҳәм оның жуўмағын алыў да белгиленген еди.
Конституциялық суд усы жылы 13-март күни өз мәжилисин өткерип, жоқарыдағы қарарды үйренди ҳәм оны Конституцияға муўапық деп тапты. «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, Конституциялық нызам жойбары Сенатта көрип шығылды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, конституциялық реформалар мәмлекет турмысының барлық тараўларында болып атырған түпкиликли өзгерислердиң үзликсиз бөлеги болып, олардың беккем ҳуқықый тийкарын жаратады ҳәм Тийкарғы нызамымызды жәмийеттеги бүгинги реал ўақыяға ҳәм жедел реформаларымыздың логикасына бейимлестиреди.
Халқымыздың, эксперт ҳәм қәнигелердиң усыныслары, халықаралық ҳәм сырт еллердиң тәжирийбеси инабатқа алынған.
«Конституцияның бирден-бир дәреги ҳәм авторы халық болыўы керек» идеясы тийкарында Конституциялық нызам жойбары бойынша улыўма халықлық додалаў өткерилип, жәми халықтан оны жетилистириў бойынша 220 мыңнан аслам усыныслар келип түскен ҳәм олардың ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алған.
Конституциялық нызам жойбарын таярлаў процесинде БМШ, ЕҚБШ, ШБШ, Европа Аўқамы, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер тәрепинен қабыл етилген 400 ден артық халықаралық ҳүжжетлер, 190 ға шамалас мәмлекетлердиң конституциялары пухта талланды.
Конституциялық нызам жойбары халықаралық эксперт ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында бир неше мәрте додаланды. 10 ға шамалас сырт ел ҳәм халықаралық экспертизалардан өткерилип, олар тәрепинен де қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан мәмлекетиниң ҳуқықый статусы бойынша принципиальлық нормалар киргизилмекте.
Биринши мәрте Конституцияда Өзбекстан суверен, демократиялық, ҳуқықый ҳәм социаллық мәмлекет екенлиги өзгермес қағыйда сыпатында беккемленбекте. Бул принципиаль норма жанажан Ўатанымыздың ғәрезсизлигин қәстерлеп сақлаў ҳәм және де беккемлеў, «Инсан қәдири ушын» принципине тийкарланған реформаларды жедел даўам еттириў ҳәм ҳуқық үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған.
Өзбекстан халықаралық қатнасықларда татыў қоңсышылық ҳәм стратегиялық бирге ислесиўге садық қалады
Өзбекстанның тынышлық сүйер сыртқы сиясатты әмелге асырыўы, мәмлекетлердиң суверен теңлиги, күш қолланбаў ямаса күш пенен қәўип салмаў принциплери менен бир қатарда мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги принципиниң де тән алыныўы елимиздиң халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған идеяларына садық исенимли шерик сыпатындағы дәрежесин және де арттырады.
Сенаторлар тәрепинен қоңсыларымыз бенен арамыздағы 25 жыллық «музды еритиў» аңсат болмағаны, бул жүдә үлкен сиясий ерк-ықрар, машақатлы мийнет талап еткени, тек ғана туўысқан Қазақстан менен 30 жыллық шегара машқаласы шешилгени есабынан, 2 миллионнан аслам үлке халқы өз жақынлары ҳәм туўысқан-туўғанлары менен еркин барды-келди етиў имканиятына ийе болғаны айрықша атап өтилди.
Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў – мәмлекеттиң жоқары миннетлемеси етип белгиленбекте
Жойбарда инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тәмийинлеў – мәмлекеттиң уллы миннетлемеси сыпатында белгилеп қойылмақта. Сенаторлар бул норма пүткил Конституция мазмунына сиңдирилгенин атап өтти. Атап айтқанда, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери нызамлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары жумысының мазмун-мәнисин белгилейди, деп сәўлелендирилмекте.
Соның менен бирге, инсан ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы пайда болатуғын тартыслы жағдайлар инсан пайдасына бағдарланыўы ҳуқықый тәсир илажлары нызамлы мақсетке ерисиў ушын жетерли ҳәм пропорционал болыўы керек екенлиги белгиленбекте. Бул қағыйдалар инсан ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлейди, мәмлекетлик уйымлардың өз ўазыйпаларын инсан ҳуқықларына әмел еткен ҳалда әмелге асырыўда жуўапкершилигин арттырады ҳәм инсанға белгиленген нормасынан артық ҳуқықый тәсир илажлары қолланылыўының алдын алады.
Жойбарда «инсан-жәмийет-мәмлекет» принципи тийкарында инсан ҳуқықлары бағдарындағы нормалар дерлик 3,5 есеге көбеймекте. Атап айтқанда, ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе екени, ҳәр бир шахс жазыўлары, телефон арқалы сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа да хабарлары сыр сақланыў ҳуқықына ийе екенлиги, бул ҳуқықтың шеклениўи ҳәм турақ жайда тинтиў өткериўге тек ғана суд қарарына тийкарланып жол қойыўы ҳаққында жынаят процесинде шахсқа қол қатылмаслығы кепилликлерин беккемлеўши норма киргизилмекте.
Мәмлекетлик Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыўды тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыўы биринши мәрте Конституция дәрежесинде белгилеп қойылмақта.
Социаллық әдалат ҳәм тилеклеслик принципине қаратылған социаллық мәмлекет белгилери өз көринисин тапты
Өзбекстанды социаллық мәмлекет, деп белгилеў – буннан былай мәмлекеттиң тийкарғы сиясаты социаллық қорғалмаған ямаса жәрдемге мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаўға, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлер ҳәм жәмийеттеги социаллық теңсизликти жумсартыўға қаратылыўынан дәрек беретуғыны атап өтилди.
Конституцияда мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерине байланыслы нормалар үш есеге артпақта, атап айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жумыссызлықтан қорғаў бойынша мәмлекет өзине бир қатар жаңа миннетлемелер алатуғыны белгиленбекте.
Додалаўда мәмлекет өзине майыплығы болған шахслардың социаллық, экономикалық ҳәм мәдений тараўлар объектлери менен хызметлеринен толық пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыў, олардың жумысқа жайласыўына, тәлим алыўына жәрдемлесиў, халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж категорияларының турмыс сапасын арттырыў бойынша миннетлемесин алып атырғанлығы да социаллық мәмлекетке тән екенлиги атап өтилди.
Ҳәр бир инсан турақ жайлы болыў ҳуқықына ийе екенлиги, мәмлекеттиң турақ жай қурылысын хошаметлеў ҳәм турақ жайлы болыў ҳуқықын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыў миннетлемеси белгиленбекте.
Сенаторлар тәрепинен өткен жылы мәмлекетимизде 50 мың шаңарақ ушын жаңа квартиралар алыўға шараят жаратып берилгени, быйыл 90 мың ҳәм 2-3 жылда 200 мың шаңарақты үйли-жайлы етиў режелестирилгенлиги атап өтилди. Бул конституциялық норма усы шеклерге ерисиў ҳәм бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў ушын кепил болатуғыны атап өтилди.
Халықтың саламатлығын сақлаўдың конституциялық тийкарлары беккемленбекте
Мәжилисте жойбарда халықтың саламатлығын сақлаўға байланыслы нормалар 4 есеге көбейгенлигине, атап айтқанда, биринши мәрте ҳәр бир инсанның саламатлығын сақлаў ҳуқықы ҳәм халықтың кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыў ҳуқықы Конституция дәрежесинде тән алынып атырғанлығына айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет халқына бир қатар медициналық хызметлерди бийпул көрсетиў миннетлемесин өз мойнына алмақта. 2023-жылы «Кепилленген хызметлер пакети» қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлериниң көлеми толық қамтып алыныўы, көп ушырасатуғын 20 түрдеги кеселликлер бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери – 15 ден 25 ке шекем, тексериўлер – 10 нан 20 ға шекем, дәрилер – 64 ден 90 ға шекем арттырылатуғыны атап өтилди.
Билим алыў ҳуқықы ҳәм муғаллимлер – Конституция қорғаўында
Жойбарда биринши мәрте жоқары билимлендириў шөлкемлерине академиалық еркинлик берилиўи, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң қоллап-қуўатланыўы ҳаққындағы қағыйдалар жаратылмақта.
Жаңа редакциядағы Конституцияда таңлаў тийкарында мәмлекет есабынан бийпул жоқары мағлыўмат алыныўы кепилленбекте. Сенаторлар 2017-жылға шекем жоқары оқыў орынларына кириў ушын мәмлекетлик грантлардың саны тек ғана қысқарып келгенлиги, кейинги алты жылда бул бағдардағы жағдай пүткиллей өзгерип, грантлар саны 2 есеге көбейип, 40 мыңға жеткенин айрықша атап өтти.
Соның менен бирге, өз алдына жәрдемге мүтәж болған балалар ушын билимлендириў шөлкемлеринде инклюзивлик тәлим ҳәм тәрбияның шөлкемлестирилиўи, олардың ҳәмме қатары улыўма мектеплерде де оқыўының жолға қойылыўы Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири принципиниң әмелий белгиси болып есапланады.
Жойбарда мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыў ушын шараятлар жаратыўы ҳәм басланғыш профессионал билим алыў бийпул екенлиги де белгиленбекте. Додалаўда соңғы алты жылда балалардың бақша менен қамтылыўы 27 проценттен 70 процентке артқаны ҳәм Конституцияға киргизилип атырған жаңа нормалар бул бағдарда жаңа шеклерге ерисиў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен муғаллимлердиң абырайы ҳәм қәдирин қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик жетилисиўине ғамхорлық етиў бағдарындағы нормаға айрықша тоқтап өтилди. Мәжилисте бул норма елимизде өткен алты жыл ишинде муғаллимниң қәдирин көтериў, оның абырайы ҳәм статусын жоқарылатыў бойынша әмелге асырылған жумысларды беккемлеўи ҳәм муғаллимлердиң жәмийеттеги жәмийетлик статусы ҳәм абырайын және де арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәжбүрий мийнет талқыланыўының конституциялық кепилликлери белгиленбекте
Узақ жыллар даўамында жәмийетимизде үлкен машқала болған ҳәм елимиздиң халықаралық имиджине унамсыз тәсир етип келген мәжбүрий мийнет толық сапластырылды. 2009-жылдан берли мәмлекетимизге тамға болып келген Cotton Campaign халықаралық коалициясының «пахта бойкоты» 2022-жылы бийкар етилгенлиги де бул бағдардағы жумысларымыздың әмелий нәтийжеси болды.
Сенаторлар балалардың жетик раўажланыўына унамсыз тәсир ететуғын ҳәр қандай балалар мийнетиниң қадаған етилиўи Тийкарғы нызамымызда тиккелей жазып қойылып атырғанлығы бул унамсыз иллеттиң тарийхта қалыўы ушын кепил болатуғынын атап өтти.
Базар механизмлери және де раўажландырылады ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы кепилленеди
Миллий экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекетте инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм мүлктиң қорғалыўын және де күшейтиў тараўларына да айрықша итибар қаратылып, мәмлекет тәрепинен базар қатнасықларын раўажландырыў, әдил бәсеки ушын шараят жаратыў, қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын тәмийинлеў, жек мүлкке қол қатылмаслығын қорғаўды тәмийинлеў механизмлери белгиленбекте.
Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында 2030-жылға барып халықтың жан басына жалпы ишки өнимди 1,6 есеге ҳәм дәраматты 4 мың АҚШ долларынан арттырыў ҳәм «дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер» қатарына кириў ўазыйпасы қойылған. Усыныс етилип атырған нормалар бул шеклерге ерисиў ҳәм экономика тармақларында турақлы жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Жойбарда мүлкке қол қатылмаслығы ҳәм оның менен байланыслы ҳуқықлардың тәмийинлениўи мәмлекет тәрепинен кепиллениўи, мүлк ҳуқықларын шеклеў тек ғана суд қарары тийкарында болыўы, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм қаржылардың еркин ҳәрекетлениўи кепилленбекте. Бул болса, экономиканың турақлы өсиўи, абадан турмысымыздың сүйениши болып есапланған исбилерменлеримиздиң еркин жумысы ушын беккем ҳуқықый кепиллик жарататуғыны атап өтилди.
Жаслар, балалар, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары – мәмлекет қорғаўы астында болады
Жойбарда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, балалар, жаслардың ҳуқықлары, шаңарақ мәселелерине бағышланған кепилликлер күшейтилмекте. Атап айтқанда, жаслар, балалар, ҳаял-қызлар, шаңараққа ғамқорлық етиў мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ең әҳмийетли ўазыйпасы сыпатында беккемленбекте. Мәмлекет тәрепинен жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳуқықларының қорғалатуғыны белгиленбекте.
Сенаторлар жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда қатнасыўы ушын кеңнен имканиятлар жаратыў бағдарында анық қәдемлер қойылғанын атап өтти.
Атап айтқанда, биринши рет ҳаял-қызлардың миллий парламентимиздеги үлеси БМШ усынысларына сәйкес 32 процентке жетти. Ҳаял-қызлардың үлеси мәмлекетлик хызметте – 33 процентти, экономика ҳәм санаат тармақларында – 46 процентти, билимлендириўде – 74 процентти, медицинада – 77 процентти қурамақта. 2 мыңға шамалас ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде басшылық лаўазымларында хызмет етпекте.
Сенаторлар жойбарда халқымыздың 18 миллионнан асламын қурайтуғын жаслар мәселесине бағышланған арнаўлы бап киргизилип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Атап айтқанда, жаслардың ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын ҳошаметлеў, олардың руўхый, интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўы, өз ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын шараятларды жаратыў миннетлемесин мәмлекет өз мойнына алмақта. Бул қағыйдалар жаслар турмыста өзлерин толық түрде көрсетиў имканиятын тәмийинлейтуғыны атап өтилди.
Пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын қорғаўға байланыслы нормалар конституциялық беккемленбекте
Пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеўге бағышланған арнаўлы ҳуқықый нормалар, атап айтқанда, мәмлекет тәрепинен қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў, Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў бойынша илажлар көретуғыны белгиленбекте.
Мәжилисте бул конституциялық норма жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында белгиленген 2026-жылға шекем қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 25 процентке жеткериў, экономика тармақларының ҳаўаға шығаратуғын зыянлы газлер көлемин жалпы ишки өним есабында 10 процентке қысқартыў сыяқлы мақсетлерге ерисиў ушын тийкар болатуғыны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен сенаторлар пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталыққа зыянлы тәсириниң алдын алыў мақсетинде мәмлекет қала қурылысы жумысы тараўында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын шараятлар жаратады, деп атап өтти.
Пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қуралларына байланыслы нормалар және де раўажландырылмақта
Пуқаралық жәмийети институтларының орны ҳәм статусы конституциялық жақтан және де күшейтилмекте, дәслепки мәрте пуқаралық жәмийети институтларына бағышланған өз алдына бап киргизилип, пуқаралық жәмийети институтларына сыпатлама берилмекте және олардың кепилликлери белгиленбекте.
Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў, олардың социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдағы қатнасыўын тәмийинлеў Ҳүкиметтиң ең әҳмийетли ўазыйпалары сыпатында белгиленбекте.
Сенаторлар өткен 6 жылда пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлеми 25 есеге арттырылғаны, майыплығы болған шахслардың 472 жәмийетлик бирлеспеси, 150 миллий мәдений орайлардың жумысын бюджеттен қаржыландырыў системасының енгизилгенин ҳәм конституциялық нормалар бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Конституциямызда ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлиги, олардың мәлимлемени излеў, алыў, оннан пайдаланыў ҳәм оны тарқатыўға болған ҳуқықлары кепилленбекте. Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары, журналистлердиң жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў жуўапкершиликке себеп болатуғыны анық белгилеп қойылмақта.
Мәжилисте жойбардағы бул нормалар ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары және де белсенди болыўы ушын кеңнен имканият ҳәм күшли қорғаў тәмийинленетуғыны, жәмийетте ашық-айдынлық ҳәм нызамлылық орталығын, мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы сөйлесиўди беккемлейтуғыны, күшли жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыў, елимизде сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин және де арттырыў ушын тийкар жаратылатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетлик ҳәкимият системасы түп-тийкарынан реформаланып, парламентаризм және де күшеймекте
Мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиў тийкарлары, нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият тармақларының статусы, өз-ара қатнасықлары түп-тийкарынан жетилистирилмекте, мәмлекетлик ҳәкимияттың жоқары уйымлары арасындағы баланс, теңсалмақлылық күшейтилмекте. Парламент ўәкиллери күшейтилип, Сенаттың аймақлық ўәкиллик палатасы сыпатындағы статусы жетилистирилмекте.
Әмелдеги Конституция бойынша Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери бесеў болған болса, жойбарға тийкарланып олардың саны 12 болмақта. Сенаттың толық ўәкилликлери әмелдеги 14 тен 18 ге артпақта.
Жойбарға муўапық, алдынғы сырт ел тәжирийбеси есапқа алынып, Бас министрдиң кандидатурасын көрип шығыў ҳәм мақуллаў ўәкиллиги Нызамшылық палатасының толық ўәкиллигине өткерилип атырғаны, Бас министрдиң кандидатурасын Нызамшылық палатасына усыныўдан алдын Президент тәрепинен барлық сиясий партиялардың фракциялары менен мәсләҳәтлесиў өткериў тәртиби енгизилип атырғаны Бас министр лаўазымына талабан көрсетиў процеси буннан былай да демократияластырылып атырғаны атап өтилди.
Жаңаланып атырған Конституцияда Бас прокурор, Есап палатасы басшылығына талабанлар алдын Сенатта көрип шығылып, кейин Президент тәрепинен тайынлаў, сондай-ақ, монополияға ҳәм коррупцияға гүресиў уйымларының басшылары Сенат тәрепинен сайланыў әмелиятын енгизиў усыныс етилип атырғаны атап өтилди.
Арнаўлы хызметлердиң жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети басшыларына талабан бойынша алдын Сенатта мәсләҳәтлесиўлер өткерилип, кейин Президент тәрепинен тайынланыў тәртибиниң енгизилип атырғаны билдирилди.
Мәжилисте Сенаттың жергиликли ўәкиллик уйымларының жумысына жәрдемлесиў ўәкиллигиниң Бас нызамымызда беккемленип атырғаны жергиликли Кеңеслерге ҳәкимниң басшылық етиўге байланыслы тәртип бийкар етилип атырған жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятта олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде айрықша әҳмийет ийелейтуғыны, Сенаттың аймақлар мәплерин сәўлелендиретуғын уйым сыпатында жергиликли Кеңеслердиң жуўапкершиликли ҳәм халықшыл болыўы ушын жуўапкершилигин арттыратуғыны атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен Сенатқа нызамшылыққа байланыслы усынысларды нызамшылық басламасы тәртибинде төменги палатаға киргизиў ҳуқықының берилип атырғаны жоқары палатаның нызамшылық ҳәм қадағалаў-аналитикалық жумыс нәтийжелилигин, соның ишинде, халықты қыйнап атырған мәселелердиң нызамлы шешимин шешиў бойынша жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Жалпы мәжилисте Сенат қурамын ықшамластырыў арқалы оның жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде сенаторлар саны әмелдеги 100 ден 65 ке өзгерип атырғаны, онда Сенатты қәлиплестириўдиң әмелдеги тәртиби, соның ишинде, орынлардан тең ўәкилликти сақлап қалынатуғыны додаланды. Бул норма Сенат жумысын мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалардың мазмун-мәнисине тең модернизациялаў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Ҳәкимлер халық депутатлары Кеңеслерине басшылық етпейтуғыны белгиленбекте
Ҳәкимлердиң халық депутатлары Кеңеслерине басшылық етиў институтын сапластырыў ҳаққындағы норма ҳәкимият ўәкилликлерин бөлиниў принципин жергиликли дәрежеде енгизиўге, жергиликли Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин, ҳәкимлердиң халық ўәкиллери алдындағы жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм аймақларда халықтың мәплерин толық тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Соның менен бирге, тийисли нормативлик-ҳуқықый базаны таярлаў, жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыўшы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының избе-излиги ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, бул тәртип Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда 2024-жылдағы гезектеги ўәкиллик уйымларына сайлаў нәтийжелери бойынша, район ҳәм қаланың мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик ҳәм атқарыў уйымларына 2026-жыл 1-январьдан қолланылыўы мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Суд ҳәкимияты ғәрезсизлигиниң кепилликлери күшейтилмекте
Сенаторлар жаңа редакциядағы Конституцияға судлар жумысы ғәрезсизлигиниң кепилликлерин күшейтиў, судьялардың қол қатылмаслығы ҳәм белгили жумыслар бойынша есап бериўши болмаўы, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли нормалардың киргизилип атырғаны әдил судлаўды толық ҳәм бийғарез әмелге асырыў ушын әҳмийетли кепиллик болатуғынын атап өтти.
Әсиресе, судлардың жумысын қаржыландырыў тек ғана Мәмлекетлик бюджеттен әмелге асырылыўы ҳәм ол әдил судлаўды толық, бийғарез әмелге асырыў имканиятын тәмийинлеўи керек екени ҳаққындағы конституциялық норма ҳақыйқый әдил ҳәм бийғарез суд системасын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Пуқараларға суд тәрепинен өзине қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққында Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықының мәплерин және де исенимли қорғаў имканиятын береди.
Мәжилисте Конституцияның жаңа редакциясы социаллық, демократиялық-ҳуқықый ҳәм ҳақыйқый халықшыл мәмлекетшилик тийкарларын жарататуғыны, халықтың абаданлығын арттырыўы, инсан ҳуқықлары менен мәплерин, қәдир-қымбатын және де арттырыў ҳәм турмыстың барлық тараўларын либералластырыўда әҳмийетли фактор болатуғыны ҳәм Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында жаңа дәўирди баслап беретуғыны атап өтилди.
Бул өзгерислер ҳәм қосымшалардың нәтийжесинде Конституцияның статьялары әмелдеги 128 ден 155 ге көбейип, нормалар көлеми 65 процентке артты. Бул өзгерислер ҳәм қосымшалардың саны ҳәм мазмуны Конституцияны жаңа редакцияда қабыллаў зәрүрлигинен дәрек беретуғыны атап өтилди.
Додалаўлар нәтийжесинде сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша Өзбекстан Республикасы референдумын өткериў ҳаққында»ғы қарар қабыл етилип, оған бола референдум 2023-жыл 30-апрель күнине белгиленди.