Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоструба аўылы турғынлары менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоструба аўылы турғынлары менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести
1439
Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында орынларда пуқаралардың машқалаларына шешим табыў, олардың тәшўишлерин анықлаў, турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларды жеңиллетиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 2022-жылдың ноябрь айында Қоструба аўылы пуқаралары менен ушырасқан еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы болып өткен ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың шешими ҳәм жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжесин көриў ушын Тахтакөпир районының Қоструба аўылына барды ҳәм елатта пуқаралар менен көрисип, жақыннан сәўбетлести.
Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығының алдынғы жеке қабыллаўында билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапты. Соннан, аймақтағы 27 хожалыққа газ плитасын алып бериў мәселеси де шешимин таўып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен газ плитасы менен тәмийинленди. Мәҳәлле имаратын қурып бериў бойынша билдирилген мүрәжатта унамлы шешимин тапты. Аўылға исбилерменлер тәрепинен айына 2 мәрте азық-аўқат өнимлерин алып келиў ушын транспорт ажыратылды, халық билимлендириў министрлиги усынысы тийкарында болса жоқары оқыў орнына қабыл етиў мәселеси бойынша С.Бузғулбаева НМПИдиң “Баслаўыш класс” тәлими бағдары бойынша 82,10 балл топлап, оқыўға қабылланды, сондай-ақ, шәртнама пулының 50 пайызы төлеп берилди. Аймақтағы мектеп филиалын тәжирийбели муғаллимлер менен тәмийинлеў, оқытыўшыларға квота ажыратыў мәселеси де унамлы шешим таўып, пуқара И.Тлеўмуратов қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырылды. Аўыллық медицина пунктин (жеңил конструкциялы) орнатып бериў бойынша бир дана медициналық контейнер алып барып орнатып берилди.Бүгинги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орнында шешип берилди.
Атап айтқанда, билдирилген мүрәжатлар бойынша жоқары оқыў орнында оқып атырған аймақ турғынларының контракт пуллары төленип, өзин-өзи бәнт етиў қәлеўшилиги бар пуқаралар ушын кондитер печ, тигиў машиналары үскенелери берилетуғын болды. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларында оқыў қәлеўшилиги бар пуқараларғада жәрдем берилетуғын болды.
Әлбетте, Президентимиз басшылығында алып барылып атырған ийгиликли реформалардың, әмелге асырылып атырған өзгерислердиң ҳәр бир шаңараққа жетип барыўын тәмийинлеў жолындағы жумыслар турақлы түрде даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети