Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилген Наўрыз байрамы салтанатына қатнасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилген Наўрыз байрамы салтанатына қатнасты
4500
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, студент-жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында ҳүрметли Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтти. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде миллий байрамымыз, жаңарыў ҳәм жасарыў паслының гүлтажы болған наўрыз байрамы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Буннан соң миллий нама ырғақлары жаңлап, илим, мәденият, көркем өнер ғайраткерлери, түрли тараў ўәкиллери, нураний аға-апалар, университет профессор-оқытыўшылары, студент жаслар қатнасыўында байрам салтанаты басланды.
Байрамға тән сән-салтанат пенен безелген саҳнада қосықлар жаңлап, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге сай саҳналық көринислер жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Байрам илажы даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы университет факультетлери тәрепинен таярланған миллий тағамлар менен безетилген дәстүрханлар әтирапында жаслар менен ушырасып, оларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтиў керек, қәдирданлықты, көп миллетлер аралық аўызбиршиликти, ҳүрмет-иззетти тастырып жиберетуғын дийдарласыўлар Наўрыздың кеңпейиллик ҳәм жақсылық тымсалы екениниң және бир айқын мысалы бола алады. Наўрыздың жанға жағымлы намасы шалынып, миллий кийимлери менен әтирапқа сән берген университет жаслары бир ананың перзентлериндей беккем аўызбиршилик пенен байрамды мүнәсип белгилемекте.
Талантлы жаслар тәрепинен миллий үрп-әдет, дәстүрлер, аяқ-ойынлар атқарылып, миллетлер аралық татыўлықты жырлайтуғын қосықлар атқарылды ҳәм жыйналғанларға байрам кейпиятын инәм етти.
«Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам илажлары жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, республикамыздың барлық орынларында көтериңки түрде даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети