Кегейли районында Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди
Кегейли районында Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди
2823
Пүткил елимиз бойлап жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленбекте. Бүгин улыстыӊ уллы күни кегейлишилер ушын райондағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынындағы ат шабар майданында миллий ойынлар тамашаларына бай болған Наўрыз байрамы салтанаты болып өтти. Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, халқымыз бенен бирге байрам тамашалады.
Наўрыз үш әўлад ўәкиллерин бирлестирип, ɵсип киятырған жасларымыз кеўлине қәдириятларымызға ҳүрмет, миллий ойынларымызға болған сүйиспеншилигин асырады десек алжаспаған боламыз. Байрам сейили "Қыз қуўыў" миллий дәстүри менен басланған болса, буннан соң миллий ойынларымыз есапланған ат шабыс, ылақ ойыны, түрли айлаўларға ат жибериў, жорға жарысы, қошқарлар дүгиси, палўанлар гүреси сыяқлы басқа да миллий ойынларда республикамыздың барлық орынларынан ҳәм қоңсы ўәлаятлардан келген қатнасыўшылар бас байрақ ушын өз-ара беллести.
13 айлаўда Нөкис районынан Ғайрат Касымовтың "Дослық" лақаплы аты бириншилерден болып жетип келип, бас байраққа қойылған "Түйе" ни жеңип алды. Наўрыз сейиллеринде халқымызға инам етилген байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети