Бүгин Шымбай районында жаңарыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз қарсаңында жаңа Амфитеатрдың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы қарсаңында жаңа Амфитеатрдың пайдаланыўға тапсырылғаны мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, жаңадан бой тиклеген, район көркине өзгеше шырай бағышлап турған 1 мың 400 орынлық заманагөй Амфитеатр қурылысы ушын жергиликли бюджет есабынан 5.5 млрд. сумнан аслам қаржы жумсалды ҳәм қурылыс жумыслары сапалы етип жуўмақланды.
Қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған Амфитеатр узақ жыллар даўамында халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге, мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди еледе раўажландырыўға хызмет етери анық.
Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында берилген тапсырмалар тийкарында Шымбай районында 4 социаллық тараў объектинде дерлик 15 млрд. сумлық, 14,8 км ишимлик суў тармақларын жақсылаўға 2,9 млрд. сумлық, 30,7 км ишки жолларды 7,3 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў ҳәм реконструкция жумыслары алып барылды.
Бул берилген тапсырмалар тийкарында районлық медицина бирлеспеси, «Жаслар орайы», Маденият үйи имаратларында, футбол стадионында, «Жаслар аллеясы»нда, «Ҳәсиретли ана» естелигинде ҳәм басқа да бир қатар объектлерде кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Тыныш турмыс тәризиниң, өмир даўамлылығының символы есапланған Курант сааты иске түсти.
Бул әмелге асырылған жумыслардың барлығы Шымбай районы халқының турмыс абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған.
Амфитеатрдың ашылыў мәресими район турғынлары, көркем өнер шеберлери менен биргеликте Наўрыз байрамына жалғасып, көтериңки рухта даўам етти.
Зәўлим Амфитеатр алдында ҳәр бир халықтың миллийлигин сәўлелендирген тағамлар, буйымлар ҳәм кийим-кеншеклер көргизбеси мийманлар нәзерине усынылды.
Жаңа Амфитеатр Наўрыз байрамына өз қушағын ашып байрам кешеси даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети