Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты
1933
Усы жылдың 29-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўапкер ўәкили Б.Юсупов пенен биргеликте Бозатаў районында болып, районды социал-экономикалық жақтан ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Ол жерде республикамыз басшысы бир қатар министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшылары, исбилерменлер, фермерлер ҳәм қурылысшылар менен ушырасып, аймақта жумысларды еле де жеделлестириў бойынша ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында өз-ара пикирлести ҳәм бүгинги күни орын алып атырған айырым кемшиликлерди сапластырыў бойынша район ҳәкими М.Қайпанов, тийисли министрлик ҳәм шөлкем басшыларына қатаң тапсырмалар берди.