Республикамыздын Арқа районларындағы ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша кең көлемли жумыслар басланды
Республикамыздын Арқа районларындағы ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша кең көлемли жумыслар басланды
1266
Сонғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға, мәҳәллелер инфраструктурасын, халықтың жасаў шараятларын жақсылаўға айрықша итибар қаратылып бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр.
Бүгинги күнде республикамыздың арқа районлары халқының турмысында ушырасып киятырған машқалаларды шешиў, олардың кеўил-кейпиятына ең кери тәсир етиўши мәселелердиң бири болған ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша үлкен көлемде жумыслар басланды.
Бүгин усы тийкардағы алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша Шымбай районында илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей тапсырмасы менен республикамыздың арқа районларындағы мәҳәллелерди абаданластырыў, ишки жолларын оңлаў бойынша ЩПС алып келингени ҳәм бул еле де даўам еттирилип, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли районы халқын жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табылатуғынлығын атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, ҳурметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги 408-санлы қарары тийкарында 2022-2023-жылларда 252 пуқаралар жыйынларындағы 289 инфраструктура объектлеринде 293,7 млрд. сумлық қурылыс оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында быйылғы жылда 347 км топырақ жолларға 55 млрд. 678 млн. сумлық қум-щебень араласпасы төселиўи белгиленип, бугинги күнде бул бойынша барлық орынларда жумыслар даўам етпекте. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли үй-жайлардың төбесин шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў бойынша 231,6 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, жәми 261 мәҳәлледе жайласқан 14 332 үй-жайды оңлап бериў белгиленген.
Ҳәзирги ўақытта арқа районлар ушын арнаўлы ЩПС каръери ажыратылған болып, Шымбай районына темир жол арқалы алып келинбекте. Бул басланған ийгиликли ислер биринши нәўбетте халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған болып, жазда қум шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылай болған көшелер тас жолларға айландырылады.
Бүгин Шымбай районына қум-щебень араласпасының (ЩПС) дәслепки кәрўаны 82 вагонда алып келинди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ЩПС материалы район орайына шекем алып келингенлигин, сектор басшылары тек ғана усы алып келинген материалларды ишки жолларға жеткерилип, халқымыздың ийгилиги ушын жумсалыўын басшылыққа алыўы керек екенлигин атап өтти. Бул ийгиликли ўазыйпаны орынлаўда өз жумысына немқурайдылық пенен қарайтуғын ҳәким ҳәм сектор басшыларына қатаң жуўапкершилик белгиленетуғынлығы ескертилди.
Халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бағдарында басланған бүгинги үлкен абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслар еле де даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети