Республикамыздыӊ Қубла районлары ушын Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ жеке қабыллаўы болып өтти
Республикамыздыӊ Қубла районлары ушын Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ жеке қабыллаўы болып өтти
1648
Инсан қәдири улығланған елде ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайды Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген болып, бунда барлық илажлар «Инсан қәдири ушын», ал, ийгиликли әмеллер болса «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстем»-деген принцип тийкарында турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр. Бунда пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жолында барлық илажлар көрилмекте. Усы жылдың 4-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде аймақларда көшпели қабыллаўларын баслаған болып, республикамыздыӊ Арқа ҳәм Арқа-Батыс районлары пуқараларыныӊ машқалалары тыӊланған еди. 18-март күни Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың Беруний районында Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районлары пуқаралары ушын гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.
Өткерилген қабыллаўда өзиниң машқалалары менен келген пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди. Пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық қоллап-қуўатлаў, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер көрсетиў, билимлендириў, мектепке шекемги тәлим, банк кредитлери менен байланыслы машқалалар, жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысында ушырасып атырған машқалалар, мәҳәллелердеги жол, ишимлик суў, газ мәселелери, турмыслық, социаллық машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Ҳүрметли Президентимиз «Инсан қәдири уллы. Ол ертеӊ емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз өмиринен разы болып жасаўы керек»-деп атап өткен еди. Президентимиздиӊ басламасы ҳәм басшылығында әмелге асырылып атырған реформаларыныӊ турмыста өз сәўлесин табыўы ҳәм пуқараларымыздыӊ бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў мақсетинде олардыӊ машқалаларын шешиў бойынша илажлар даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети