ЖАӉА КОНСТИТУЦИЯ - СОЦИАЛЛЫҚ МӘМЛЕКЕТ ҚУРЫЎДЫӉ ТИЙКАРЫ
Зухра Реймова
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы
Ҳәр бир мәмлекеттиң дүнья жүзилик сиясий майданда мәмлекет сыпатында өз орнына ийе болыўында, өзиниң раўажланыў жолын белгилеп алыўында, дүньяның раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўында Конституцияның тутқан орны айрықша.
Соның менен бирге, Конституция инсан ҳуқықлары ең жоқары қәдирият екенлигин аңлатыўшы, еркинликлерин беккемлеўши ҳәм кепиллеўши, сондай-ақ, жәмийетлик структура тийкарларын, басқарыў формасы ҳәм мәмлекетлик дүзим тийкарын, олардың ўәкилликлери ҳәм өз-ара қатнасықларын белгилейтуғын тийкарғы ҳүжжет есапланады.
Соңғы жыллары елимизде мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Усы реформалардың тийкарғы мақсети – бул халқымыз ушын абадан ҳәм мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериўден ибарат. Бундай нәтийжелерге ерисиў ушын, әлбетте биринши гезекте Конституциямыз хызмет етеди. Сол себепли, бүгинги ҳәм ертеңги келешекти белгилейтуғын Тийкарғы Нызамды жетилистириў зәрүр. Бул өз гезегинде конституциялық реформалар менен әмелге асырылады. Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта Конституцияның бүгинги турмыс талапларына сай ҳалда оны жаңалаў кереклиги өз тастыйығын таппақта.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис палаталарыныӊ ѳткен мәжилислеринде “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары қабыл етилди.
Жаӊаланып атырған Конституция жойбарын ислеп шығыўда кеӊ жәмийетшилик, сиясий партиялар, жәмийетлик шөлкемлер, экспертлер ҳәм алымлар белсене қатнасты. Улыўмахалықлық додалаўлардан 220 мыӊнан аслам усыныслар келип түскен болса, олардыӊ ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алған. Улыўмахалықлық додалаўлар тийкарында, Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ статьялары әмелдеги 128 ден 155 ке, оныӊ нормалары 275 тен 434 ке, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерине тийисли нормалар үш есеге артты. Әмелдеги Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ тексти 65 пайызға жаӊаланбақта.
Ҳүрметли Президентимиз Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 29 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилисте: “Ҳәзирги күнде Өзбекстан социаллық мәмлекет ҳәм әдил жәмийетке қарай умтылмақта. Сол себепли “Жаӊа Өзбекстан - социаллық мәмлекет”, деген принципти конституциялық норма тийкарында беккемлеўдиӊ ўақты-сааты келди” деген еди.
Сондай-ақ, “Жаӊа Өзбекстанныӊ 2022-2026-жылларға бағдарланған раўажланыў стратегиясы”ның IV бабында “Әдил социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў” мәселесине айрықша итибар қаратылған. Усы стратегияныӊ 43 мақсети тиккелей, ҳәр бир пуқара ушын мүнәсип шараят жаратыў ҳәм турмыс дәрежесин турақлы көтерип барыўға хызмет етеди.
Усынылып атырған Нызам жойбарына муўапық Өзбекстан мәмлекетиниӊ сиясий-ҳуқықый статусына жаӊа “ҳуқықый мәмлекет”, “социаллық мәмлекет” түсиниклери қосымша етилмекте.
Ҳуқықый мәмлекет – бул демократиялық принциплер тийкарында қабыл етилген нызамлар алдында ҳәмме теӊ ҳәм есаплы болыўы, нызамлардыӊ пүткил мәмлекет аймағындағы үстинлиги, ҳәкимиятлар ўәкилликлериниӊ бөлиниўи, шахс ҳәм мәмлекеттиӊ өз-ара жуўапкершилиги, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниӊ қорғалыўына айтылады.
Усынылып атырған нызам жойбарында инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 еседен артпақта.
Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте. Нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр.
Әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институты және де кеңейтилмекте. Шахстыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы, соныӊ менен бирге, шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги сыяқлы шахстыӊ жеке ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға қаратылған нызамлы мәплерин тәмийинлеўши бир қанша нормалар беккемленбекте.
Бәршемизге белгили, Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик декларациясының 25-статьясында “Ҳәр бир инсан ѳзиниң ҳәмде шаңарағының саламатлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў ушын зәрүрли болған турмыс дәрежесине ийе болыўы, атап айтқанда кийим-кеншек, азык-аўқат, медициналық хызмет ҳәм зәрүр болған социаллық хызметке ийе болыўға ҳәмде жумыссызлық, наўқаслық, нәгиранлық, қартайғанлық яки оған байланыслы болмаған шараятларға кѳре тиришилик ушын қәрежет болмай қалған басқа жағдайларда тәмийнлениў ҳуқықына ийе” екенлиги белгиленген. Усыған тийкар, социаллық қорғаўға мүтәж қатламға жәрдем бериў ҳәмде ҳәр бир шахстың турмыс сапасы ҳәм дәрежесин асырыўға қаратылған нормалар Тийкарғы нызам жойбарында орын алған.
Социаллық мәмлекет – бул мәмлекеттиӊ конституциялық ҳуқықый статусы бойынша сапасын тәрийплеў болып, жәмийет турмысыныӊ социаллық, экономикалық ҳәм басқа да тараўларды тәртипке салыў бойынша мәмлекеттиӊ белсенди хызмети арқалы барлық инсанларды социаллық жақтан тәмийинлеўши заманагөй раўажланған мәмлекеттиӊ айрықша түри болып табылады. Социаллық мәмлекет жәмийеттиӊ мәплерине хызмет етеди, ондағы социаллық айырмашылықларды кемейтиўге умтылады. Яғный бундай мәмлекет, инсанларға қәўипсиз мийнет шараятын жаратыў, жумыссызлықтан қорғаныў, кепилленген сапалы билимлендириў ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў, мүнәсип турмыс кешириўи ушын жетерли ис ҳақы ажыратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, сондай-ақ, шаӊарақлар, балалар, ҳаял-қызлар, кекселер, майыплығы бар шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда социаллық мәмлекеттиӊ тийкарғы ўазыйпасы болып табылады.
Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгилениўи, бул – инсанға итибар ҳәм ғамқорлық, дегени. Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте.
Бүгинги күни мәмлекетимизде “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” сыяқлы социаллық қорғаўдыӊ ҳеш бир мәмлекетте ушыраспайтуғын кепилленген системасы жаратылды. Мәмлекетимиздеги пуқаралардыӊ бүгинги ҳәм ертеӊги турмысы менен бийпәрўа емеслигиниӊ айқын дәлийли болып табылады.
Сондай-ақ, өткен жылы мәмлекетимизде 50 мың шаңарақ ушын жаңа квартиралар алыўға шараят жаратып берилген. Быйылғы жылы 90 мың шаңарақты турақ-жайлы етиў шеги алынған. Жақын 2-3 жылда бул көрсеткишти 200 мыңға жеткериў үстинде исленип атыр.
Усынылып атырған нызам жойбарына тийкар, Конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлер кеӊейтилмекте. Мысалы, денсаўлықты сақлаў, экологиялық ҳуқықлар, жоқары билимлендириў, бийпул юридикалық жәрдем алыў, турақ-жайға ийе болыў, қолайлы мийнет шараятларында жумыс ислеў, дем алыў, мәмлекет есабынан медициналық жәрдем бериў сыяқлы ҳуқықларыныӊ киргизилиўи пуқаралардыӊ экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықларын және де күшейтеди. Бул өз гезегинде социаллық мәмлекетке тән норма болып табылады.
Жуўмақлап айтқанда, жәмийет раўажланып барған сайын инсанлардың Тийкарғы нызамға деген мүтәжлиги артып бара береди. Себеби, Тийкарғы нызам еркинлик кепили болып есапланады. Басқаша айтқанда, нызамға муўапық ҳәрекет еткен инсан биреўдиң мәплерине зыян жеткермей турып өз мақсетине ериседи. Сол себепли ҳәр қандай қатнаста тийкарғы нызамға муўапық ҳәрекет етиў үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәрқандай мәмлекетте жәмийетти басқарыў тек Конституция ҳәм усы тийкарда қабыл етилген нызамлар арқалы әмелге асырылады. Сонлықтан, Конституция халқымызды келешекке бағдарлаўшы, бирлестириўши, аўызбиршилигин ҳәм дослығын беккемлеўши, мийнетке жәмлестириўши, уллы дөретиўшилик ислерге баслаўшы тийкарғы нызам болып есапланады.