Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте. Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында мийрим-шəпəəтлилик, қайыр-сақаўатлылық орталығын жəне де беккемлеўде, жас әўладты миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда, өз-ара дослық, аўызбиршилик, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де күшейтиўде айрықша орын ийелейди. Усы жылдың 20-март күни Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти. Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, ҳүкимет ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ўакиллери қатнасты. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, гүллән халқымызды жаңарыў ҳәм жасарыў аййямы – Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде Ҳүрметли Президентимиз жаратып берген имканиятлар нəтийжесинде мəрт ҳəм азамат халқымыз қала ҳəм аўылларымызда, барлық тараўларда жоқары шеклерге ерисиў ушын пидайы мийнет етип атырғанлығы, бунда əлбетте, Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың жасаў шараятларын жақсылаў менен байланыслы қабыл етилип атырған Пəрман ҳəм Қарарлар, Мəмлекетлик Бағдарламалар турмысымызда айрықша орын ийелеп атырғанлығын атап өтти. Айтып өтиў орынлы, И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майдан бүгин ҳәр қашанғыдан да өзгеше түске енген. Бақсы-жыраўлар, сәзенделер ҳәм көркем өнер шеберлери өзлериниң өнерлери менен халқымызға байрам кейпиятын инәм етсе, миллий кийим кийип алған аналар, шекесине гүлли тақыя қондырған қызлар, бир-биринен ғошшақ жигитлер байрамға өзгеше сән береди.
Байрам тамашалары пайтахтымыздағы Жаслар Орайы имараты алында да даўам етип атырған болып, жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Бул орында да көркем өнер шеберлери, мәденият тараўы ўәкиллери, халық сүйген аткарыўшылар байрамға өзгеше көрк берип, жыйналғанларға Наўрызға тән көтериңки руўх бағышламақта. Туўысқан халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген түрде саҳналастырылған көринислер, миллий аяқ ойын ҳәм қосықлар атқарылыўы, халқымыздың миллий ойынлары, бақсы ҳәм жыраўлардың әжайып шығыўлары ҳәммеге бирдей унады. Қолы гүл усталар, шебер тигиншилер тәрепинен таярланған көргизбелер, он бармағынан пал тамған аспазлар таярлаған миллий тағамлар байрамға еледе жоқары кейпият инәм етти. Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер республикамыздың барлық орынларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети