НАЎРЫЗ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
2369
Әзиз ўатанласлар!
Ең дәслеп, бәршеңизди, көп миллетли пүткил халқымызды жанажан Өзбекстанымызға, әзиз Қарақалпақстанымызға кирип келген Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.
Ҳүрметли дослар!
Ҳәммемиз жақсы билемиз, Наўрыз тынышлықты, татыўлықты қәдирлеп, бир-биримизге мийирманлық етип, қәстерлеп жасаўға шақырады.
Тынышлық ҳәм татыўлықты, аўызбиршиликти сақласақ, қалған нәрселерге әлбетте ерисемиз.
Гөззал үлкемизде жасап атырған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз беккем аўызбиршиликте, дослық, татыўлықта Ўатанымыздың гүллеп жаснаўы жолында хызмет етип, биргеликте жасап келмекте.
Бүгинги күнде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам салтанаты республикамыз бойлап кең түрде даўам етпекте.
Айтып өтиў керек, қәдирданлықты, ҳүрмет-иззетти тастырып жиберетуғын дийдарласыўлар Наўрыздың кеңпейиллик ҳәм жақсылық тымсалы екениниң және бир айқын мысалы бола алады. Наўрыздың жанға жағымлы намасы шалынып, миллий кийимлери менен әтирапқа сән берген жаслар, ақ пәтиясы менен бәрҳама оларға туўры жолды көрсетип отыратуғын нураныйлар, қәдирли Ўатанласларымыз беккем аўызбиршилик пенен байрамды мүнәсип белгилемекте.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Илайым, кеўлимиздеги барлық жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!
Елимиз тыныш, халқымыз аман, аўызбиршилигимиз даўамлы болсын!
Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев