Мәҳәлле тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў ҳаққында
1437
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын жаңа басқышқа көтериў арқалы пухаралық жәмийетти жәнеде раўажландырыў, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған жақсы принцип тийкарында мәҳәллениң кең көлемли реформаларын табыслы әмелге асырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарындағы үлкен хызметлери, халқымыз арасында өз-ара аўызбиршиликти беккемлеў, көп әсирли дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаў, руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм шаңарақларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, перзентлеримизди ана Ўатанға мухаббат, миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысларында қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:Қарақалпақстан Республикасы бойынша
«Меҳнат шуҳрати» ордени менен:
Ниетуллаев Тенгелатдин Сейдуллаевич – Бозатаў районындағы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынының кекселер мәсләҳәт топары белсендиси«Дўстлик» ордени менен:
Бегмуратов Жумабай Нургелдиевич – Төрткүл районы «Оққамиш» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы, Қарақалпақстан Республикасы«Шуҳрат» медалы менен:
Рахимова Нигара Атабековна – Елликқала районы «Қирққизобод» мәҳәлле пуқаралар жыйынындағы кәсип-өнерге оқытыў орайының ислеп шығарыў устасы, тигинши, Қарақалпақстан РеспубликасыӨзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев