«Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти
«Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти
2376
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң “Бәршемиз ушын Ўатан бир. Бизди бирден-бир, уллы бир мақсет бирлестиреди. Ол да болса, елимиз тынышлығы, Ўатанымыз раўажланыўы, халқымыз абаданлығы” деп атап өткен еди ҳәм өз гезегинде бул ийгиликли идеяны турмысқа енгизиў ҳүрметли мəҳəлле ақсақаллары менен белсендилерине айрықша жуўапкершилик жүклейди.
Соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, орынлардағы машқалаларды унамлы шешиў, мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге тийкар болмақта. Бул өз гезегинде мәҳәллени шын мәнисинде адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
«Ҳақыйқатында-да, бүгин пуқараларымыз мәҳәллени өзлериниң жақын сүйениши ҳәм ғамхоршысы деп биледи. Себеби, Ҳүрметли Президентимиздиң мәҳәллелердеги ўәкили, пуқаралардың турмыс шараятларын, мəселе ҳəм машқалаларын ең жақсы билетуғын ҳәм олар менен тығыз ислесетуғын – бул мәҳәлле ақсақаллары саналады. Сонлықтан да мәҳәлле ақсақалларына ҳүрмет пенен қараў менен бирге, олардан үлкен жуўапкершилик ҳәм айрықша белсендилик талап етиледи. Буннан тысқары, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторы жумысларының жолға қойылғаны – мәҳәлле институтын жəне де раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.»-деп атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде мәҳәлле институтының жәмийетимизде атқаратуғын роли артып бармақта. Шын мәнисинде халқымыз бенен тығыз ислесетуғын жәмийеттиң бир буўыны сыпатында тараў хызметкерлери оғада машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы ўазыйпаны атқарып келмекте.
Өткерилген салтанатлы илаж даўамында бүгинги байрам мүнəсибети менен өзлериниң жоқары нəтийжелери ҳəм табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пəрманы тийкарында орден ҳəм медальлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Өзбекстан Республикасы Кəмбағаллықты қысқартыў ҳəм бəнтлик министрлиги тəрепинен көкирек белгилери ҳəм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети