Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи
1237
Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Мине усы гөззал ҳәм толқытқан мәўритлерде әжайып «Жаңа Өзбекстан» паркинде турып, сиз, қәдирданларымды, көп миллетли пүткил халқымызды уллы әййям – Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Бүгин шексиз Ўатанымыздың оазис ҳәм ойпатлары, қала ҳәм аўыллары, бағ ҳәм майданларында елимиз үлкен қуўаныш пенен Наўрыз сейиллерин өткермекте.
Кеўиллеримиз қуўанышқы толып турған бул гөззал демлерде кексе ҳәм жасы киши ўатанласларымызды қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Шығысқа тән жаңа жылымыз мүбәрек болсын!
Наўрыз байрамының қәдеми қутлы келсин!
Қәдирли дослар!
Бүгин жанажан елимизге гөззаллық, жасарыў ҳәм жаңаланыў, меҳир ҳәм мүриўбет байрамы – Наўрыз кирип келер екен, атыз-далаларымыз, бағ ҳәм жайлаўларымыз бәҳәр жаўынларынан жибип, келешекте мол өним, қут-берекеттен дәрек бермекте.
Ҳәр бир инсан өзин тәбияттың перзенти екенин және де терең аңлап атырған мине усындай қуўанышлы байрамға елимиз бенен аман-есен жеткенимиз ушын, бәринен бурын Жаратқанға шексиз шүкирлер айтамыз.
Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!
Биз бүгин елимизде Жаңа Өзбекстанды – инсан еркин, азат ҳәм абадан жасайтуғын жәмийет ҳәм мәмлекетти қурыў жолында пидәкерлик пенен мийнет етпектемиз.
Жаңа Өзбекстан идеясы – бул 36 миллионлық үлкен халқымыздың қарары, оның өмириниң мазмуны. Бул ийгиликли мақсет Наўрыз байрамы философиясы ҳәм қәдириятлары менен оғада үнлес болып табылады.
Инсан қәдирин улығлаў, ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары, нызамлы мәплерин әмелде тәмийинлеў, барлық қала ҳәм районлар, алыс ҳәм шетки аймақлар халқы ушын мүнәсип шараят жаратып бериў, әпиўайы етип айтқанда, халқымызды разы етиў – мине, бизлердиң баслы мақсетимиз. Усы ийгиликли жолда экономикамыз ҳәм социаллық тараўларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, илим, билимлендириў ҳәм тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, саламат турмыс тәризи ҳәм спорт, ана тәбиятты қәстерлеп сақлаў бағдарларында басланған үлкен бағдарламаларымызды жедел даўам еттиремиз.
Турмысымызды және де гөззал ҳәм абат етиўде биз ардақлы аталар ҳәм апаларымыздан, олардың дана мәсләҳәтлери ҳәм дуўа-пәтияларынан күш-қуўат аламыз.
Миллий раўажланыўымызды жаңа басқышқа көтериў жолында мәртлик пенен мийнет етип атырған ҳүрметли аға-инилеримиз, әзиз апа-қарындасларымызға – пүткил халқымызға исенемиз ҳәм сүйенемиз.
Бул қутлы байрамда сизлердиң ҳәр бириңизге Ўатанның раўажланыўы жолында ислеп атырған мүнәсип хызметиңиз ушын қолымды көксиме қойып, қызғын миннетдаршылық билдиремен.
Сиз, әзизлер алдымызда турған әҳмийетли сиясий илажда да жоқары сиясий ерк-ықрар ҳәм мәдениятыңызды көрсетип, ерискен жетискенликлеримиз ҳәм реформаларымызды исенимли даўам еттириў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратыўға өз үлесиңизди қосасызлар, деп исенемен.
Мине, усы бийтәкирар мәўритлерде бәҳәрдиң ҳәр бир күни, ҳәр бир саатын ғәниймет билип, атызына жол алып атырған мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримизге жақсы тилеклеримизди билдиремиз.
Бүгин үлкен арзыў-нийетлер менен қатарларымызға кирип киятырған нәўқыран ул-қызларымызды – Жаңа Өзбекстан жаратыўшыларын бәршемиз қызғын қутлықлап, оларға бахыт ҳәм әўметлер тилеймиз.
Мен бир пикирди қайта-қайта атыўдан ҳеш шаршамайман – ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал, билимли ҳәм ғайратлы жасларымыз ең жоқары шоққыларды ийелеўи ушын биз барлық имканиятлар менен шараятларды, әлбетте, жаратып беремиз.
Әзиз перзентлеримиз елимиздиң исенимин ақлап, үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны бәршемизди шексиз қуўантады.
Күни кеше футбол бойынша Өзбекстан жаслар сайланды командасы қызғын беллесиўлерде беккем ерк-ықрар ҳәм шеберлик үлгисин көрсетип, Азия чемпионы, деген жоқары абырайлы атаққа ийе болды. Соның менен бирге олар Индонезияда болып өтетуғын жәҳән чемпионатында қатнасыў ҳуқықын да қолға киргизди.
Соның менен бирге, Өзбекстан жаслары хоккей бойынша он сегиз жас категориясында барлық қарсыласларды артта қалдырып, Азия чемпионы болды. Мәмлекетимиз спорт тарийхында дәслепки мәрте, мине, усындай үлкен жетискенликлерге ерискен жас хоккейшилеримизге ҳәр қанша мақтаўлар айтсақ, арзыйды. Әсиресе, қәбилетли ҳүжимшимиз Жасурбек Рустамхонов беллесиў даўамында он төрт гол урып, чемпионаттың ҳақыйқый қаҳарманына айланды.
Сондай-ақ, елимиз жас шахматшыларының жоқары интеллектуаллық потенциалы дүнья бойлап тиллерде дәстан болмақта, десек, қәте болмайды.
Жақында Ташкентте ҳаял-қызлар арасында өткерилген халықаралық турнирде қәбилетли шахматшы қызымыз Нилуфар Ёқуббоева 100 ден аслам сырт елли қатнасыўшылар қатнасқан беллесиўде ҳүрметли екинши орынды қолға киргизгенин өз алдына атап өтип айтпақшыман.
Мине, усындай үмит бағышлайтуғын жетискенликлери менен жигерли перзентлеримиз елимиз жаслары қандай үлкен ислерге уқыплы екенин және бир мәрте айқын көрсетти.
Бундай оғада әҳмийетли жетискенликлерге жасларымыз илим, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият тараўларында да ерисип келмекте.
Усы мүнәсибет пенен жас чемпион ҳәм сыйлы орын ийелерин, олардың устаз ҳәм тренерлерин, ата-аналарын, барлық спорт ықласпентлерин, пүткил халқымызды қызғын қутлықлайман.
Бул, әлбетте, азамат жасларымыздың елимизге ҳақыйқый Наўрыз саўғасы болды.
Жаңа Өзбекстанға әлбетте, мине усындай жетискенликлер жарасады.
Жаңа Өзбекстанға миллионлаған заманласларына өрнек ҳәм үлги болатуғын мине усындай ўатансүйгиш, қаҳарман жаслар керек.
Өз дәўиринде дүньяны таң қалдырған уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип даўамшылары болған бундай жасларымызды халқымыз, Ўатанымыз ҳақылы түрде мақтаныш етеди.
Үлкен рахмет сизлерге, әзиз перзентлерим!
Турмыс жолларыңызда бәршеңиге бәрқулла жаңа әўмет ҳәм жетискенликлер яр болсын!
Ҳүрметли ўатанласлар!
Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың дүнья халқына, биз – әўладларға қарата «Ҳәр күниң Наўрыз болсын» деп айтқан тилеклерин ҳәммемиз жақсы билемиз.
Усы мәнисте, кекселерге ҳүрмет, кишилерге иззет көрсетиў, жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, наўқаслардың дәртине дәрман болыў сыяқлы халқымызға тән саўаплы әмеллерди тек ғана Наўрыз байрамында емес, ал ҳәр күни, ҳүжданлы түрде орынлаўымыз керек.
Бүгин биз қурып атырған социаллық ҳәм халықшыл мәмлекетте мийрим-шәпәәт, сақаўат, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик турмысыз қағыйдасына айланыўы зәрүр.
Мен бәршеңизди, бәринен бурын, басшы ҳәм жуўапкерлерди бул бағдарда және де белсене ҳәм нәтийжели ҳәрекет етиўге шақыраман. Әзелден адамгершилик дияры, деп даңқ таратқан Ўатанымызда ҳәр бир инсан халқымыз ҳәм мәмлекетимиздиң меҳри ҳәм итибарын толық сезинип жасасын.
Қәдирли дослар!
Быйылғы қәсийетли Наўрыз пасылы елимизге көплеген қуўанышлы ўақыялар, қос байрамларды баслап келмекте.
Усы күнлерде бәршемиз және бир қутлы ҳәм пазыйлетли ай – муқаддес Рамазан айы алдында турмыз.
Бүгинги имканияттан пайдаланып, елимиз мусылманларын, пүткил ислам үмметин мине усы теберик байрам менен қызғын қутлықлайман.
Бул иләҳий айда исленетуғын ийгиликли жумысларымыз қабыл болып, жақсы ҳәм пәк нийетлеримиз орынланыўын тилеймен.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ертең белгиленетуғын Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен де бәршеңизди қызғын қутлықлайман.
Ғәрезсизлик жылларында Наўрыз байрамы үлкемиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллерин бирден-бир, татыў шаңарақ етип бирлестиретуғын дослық байрамына айланғанын биз жоқары қәдирлеймиз.
Бундай сийрек ушырасатуғын ҳәм бийбаҳа байлығымызды ҳәмийеше көздин қарашығындай қәстерлеп сақлаймыз.
Тынышлық ҳәм кеңпейиллик елшиси болған бул байрам – 21-март Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қарары менен Наўрыз күни сыпатында кеңнен белгиленип киятырғаны әлбетте, бәршемизди қуўандырады.
Пурсаттан пайдаланып, бизге ҳүрмет көрсетип, бүгинги сейил-қуўанышымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына қызғын сәлем ҳәм жақсы тилеклеримизди жоллаймыз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!
Бәршеңизди, пүткил халқымызды Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен және бир мәрте қутлықлайман.
Нәўбәҳәр пасылы нәўбәҳәр ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир мәҳәллеге, елимизге тынышлық ҳәм абаданлық, бахыт-ығбал алып келсин!
Барлық ийгиликли жумысларымызда Жаратқанның өзи мәдет болсын!
Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!
Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!