Пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ жеке қабыллаўы болып өтти
Пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ жеке қабыллаўы болып өтти
1240
Ҳүрметли Президентимиз «Бийтәкирар елимизге, уллы халқымызға садықлық пенен хызмет етиў – бәршемиздиң мақтанышлы ҳәм муқәддес ўазыйпамыз болып есапланады»-деп атап өткен еди. Ҳақыйқатында да, инсан қәдири улығланған елде ҳәр бир басшы халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың машқалаларына шешим табыў жолында хызмет етиўи тийис ҳәм бул ийгиликли ўазыйпаны атқарыў бойынша бүгинги күнде барлық зәрүрли ис-илажлар әмелге асырылмақта. Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар шеңберинде 25-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Кегейли районында Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районлары пуқаралары ушын гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаўда өзиниң машқалалары менен келген пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыўдың барлық илажлары көрилди. Пуқаралар тәрепинен тийкарынан материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, банк кредитлери менен байланыслы мәселелер, жасларға ғамқорлық көрсетиў, бәнтлик, турақ-жайын оңлап бериў, мәҳәллелер инфраструктурасы менен байланыслы бир қатар шешимин күтип турған ҳәм исбилерменлик жумысында ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Болып өткен қабыллаўда кеўлинде үмит пенен келген пуқаралардың билдирилген мүрәжатларының басым көпшилиги орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Қабыллаўда социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, бағыўшысынан айырылған ҳәм машқаласы себепли қыйналып келген пуқаралардың мәселелери орнында шешип берилди, өз нәўбетинде бул пуқаралар мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясаттан, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы ийгиликли, соның менен бирге әмелий жумыслардан кеўили толып, миннетдаршылықларын билдирмекте.
Президентимиз басшылығында халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардың күнделикли өмиринде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, ең баслысы, мәселелерин шешип берип бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында жумыслар орынларда даўам еттирилмекте. Машқалаларды шешиўдиң анық механизмлериниң бири болған көшпели қабыллаўлар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық орынларда шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети