Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Тахтакөпирди раўажландырыў бойынша мәжилис өткерилди
2534
Усы жылдың 30-январь Тахтакөпир районындағы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжлислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басшылығында мәжилис болып өтти.
Онда район ҳәкимлиги, бир қатар министрлик, басқарма ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Мәжилисте Президентимиздиң өткен жылдың 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында берилген тапсырмалар, яғный, кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколының 7-бәнтинде 2020-жылы Тахтакөпир районының «Абат орай» бағдарламасына киргизилиўи бойынша районда алып барылып атырған жумыслар додаланды.
Атап айтқанда, район аймағындағы «Дослық» гүзары бойында жайласқан турақ жай, мекеме, шөлкем, кәрханалар ҳәм исбилерменлик субъектлеринде пардозлаў, ремонт жумысларын алып барыў, социаллық объектлерди ири оңлаў, реконструкция қылыў бойынша, тараў басшыларына тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Сондай-ақ, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019 жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4512-санлы қарарының Тахтакөпир районы мысалында орынланыўы бойынша бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Республикамиз басшысы бул бойынша ислениўи тийис болған жумысларға тоқтап өтти ҳәм тийисли тараў басшыларына анық тапсырмаларды белгилеп берди.