Президент қарары тийкарында мәҳәллелерди абат етиў бойынша жумыслар даўам етпекте
Президент қарары тийкарында мәҳәллелерди абат етиў бойынша жумыслар даўам етпекте
1148
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 408-санлы қарары тийкарында Қараөзек районында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Қарар тийкарында район бойынша 5 мәҳәлледе 5 жойбарды әмелге асырыў ушын 6,6 млрд. сумлық қурылыс оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Бүгинги күнде 3,4 млрд. сумлық қурылыс жумыслары жуўмақланған.
Соннан, 3 жойбарда 2,8 млрд сумлық 11,6 км ишки хожалық жолларын оңлаў режеде белгиленип, бүгинги күнге шекем 1,4 млрд сумлық 6,7 км топырақ жолларға қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары жуўмақланды.
Суў объектлери бойынша 1 жойбарда 2,9 млрд сумлық 5 км суў тармағын тартыў ҳәм суўды душшыландырыўшы станциясын қурыў белгиленип, ҳәзирги күнде 1,2 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланған ҳәм 4,2 км суў тармағы жаңадан тартылған. Суўды душшыландырыўшы станцияда қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Сондай-ақ, басқа жөнелислер бойынша «Ата мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў бойынша 1 жойбарда 840 млн. сумлық жумыс көлеми орынланыўы белгиленип, бүгинги күнде 715 млн. сумлық жумыслар орынланған.
Атап өтиў орынлы, дәслеп аймақлық жумысшы топар тәрепинен халықтың турмыс дәрежесине кери тәсир етиўши мәселелер үйренилип, аймақлар кесиминде 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарламалар ислеп шығылды.
Бир ғана Есимөзек аўыл пуқаралар жыйыны мысалында алатуғын болсақ, 2400 ден аслам халық жасаўшы аймақ «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, бул тийкарда көплеген жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, көшелер оңланып, оларға жақтыландырыўшы шырақлар орнатылды. Жаңадан 160 орынлық балалар бақшасы қурылып, 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде реконструкция жумыслары жүргизилди. Электр линиялары жаңадан тартылып, жаңа трансформаторлар қурып берилди. Сондай-ақ, өткен жылы жыйын орайында бурын жабылып қалған шаңарақлық шыпакерлик пункти қайтадан ашылып, өз жумысын баслады. АПЖ орайы, Аталық ҳәм Қошқарбай елатлы пунктлери тәбийғый газге қайта жалғанды. 3 елатлы пунктке киши суўды душшыландырыўшы станциялар қурып берилди. Соның менен бирге ишки жолларда оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Халқымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған мәҳәлле инфраструктурасы менен байланыслы машқалаларды шешиў бойынша жумыслар даўам етпекте. Исленген жумыслар халқымыз турмысында өзиниң әмелий тастыйығын таўып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети