Қарар орынланыўы тәмийинленип, пуқаралардың машқалалары өз шешимин таўып атыр
1131
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймағында бир қатар қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.
Режеде белгилеп алынған жумыслар шеңберинде қала ҳәм районларда жумыслар баслап жиберилип, бүгинги күнде де қызғын даўам етпекте.
Қарар орынланыўын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша Кегейли районында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, соннан, ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 6 мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм 1 аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8,5 км топырақ жолларға 1,8 млрд. сумлық қум-щебень араласпасын төсеў белгиленген еди.
Бүгинги күнге келип жойбар-сметада белгиленген 8 км жолларда ЩПС төселди ҳәм белгиленген реже жуўмақланыў алдында тур.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети