Соңғы жылларда республикамыздың ең шетки аўылларының социаллық инфраструктураларын жақсылаў бойынша көплеген әмелий жумыслар орынланып атыр. Бул бойынша ҳүрметли Президентимиздиң бир неше арнаўлы қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, турмысқа еңгизилмекте. Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң бир ғана 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Усы қарар шеңберинде Беруний районында 28 мәҳәлледе 21,7 млрд сумлық 31 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде 10,9 млрд. сумлық жумыслар орынланды.
Соннан, 72 км ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 20 жойбарда 15,5 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланыўы белгиленген болса, ҳәзирги ўақытта 6,5 млрд сумлық 45,3 км жолларда қурылыс жумыслары жуўмақланды. 3 жойбар шеңберинде 2 объектте 8,2 км суў тармағын тартыў, 1 объектте суўды душшыландырыўшы станция қурылысы әмелге асырылыўы режелестирилген болып, әмелде 1,7 млрд сумлық жумыс көлеми орынланды ҳәм 4 км ишимлик суў тармағы жаңадан тартылды. Басқа жөнелислер кесиминде 3 жойбарда 7,4 км пиядалар жолларын қурыў бойынша 3,2 млрд сумлық жумыслар орынланыўы режелестирилип, бүгинги күнге келип, 2,5 км пиядалар жоллары қурып питкерилди.1 жойбарда 401,2 млн. сумлық түнги жақтыландырыўшы шырақларды орнатыў режелестирилген болып, әмелде 384,2 млн. сумлық жумыс көлеми орынланды ҳәм еле даўам етпекте. 2 жойбарда аймақларға жаңа трансформатор орнатыў ҳәм электр тармақларын оңлаў бойынша 660 млн. сум қаржы ажыратылды ҳәм усы күнге шекем 348,3 млн. сумлық, ал, 2 жойбарда газ тармағын жақсылаў бойынша 158 млн. сумлық жумыс көлеми орынланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети