Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын арттырыў ҳаққында
1780
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған ис-илажлардың даўамлылығын тәмийинлеў ҳәмде пуқаралардың дәраматларын арттырып барыў мақсетинде: 1. 2023-жыл 1-апрельден баслап пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке арттырылсын. 2. 2023-жыл 1-апрельден баслап Өзбекстан Республикасы аймағында: пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум; жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум; майыплық пенсиялары, соннан, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум; мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум; 1941–1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған шахслар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерлериниң ер жетпеген алдынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде мийнет еткен шахслардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған түрде – айына 3 296 000 сум; белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары муғдары – айына 747 000 сум; зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум; мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум; өзгелердиң күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум; бағыўшысынан айырылғанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 198 000 сумнан қосып берилсин; бағыўшысынан айырылғанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленсин. 3. 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет мәкемелери хызметкерлериниң ис ҳақы муғдары 7 процентке көбейтилсин. 4. 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында: мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 980 000 сум; базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленсин. 5. Белгилеп қойылсын: бюджет мәкемелери хызметкерлериниң ис ҳақыларын арттырыў менен байланыслы қәрежетлер – Өзбекстан Республикасының «2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамына муўапық ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақа муғдарын, сондай-ақ, айырым хызмет түрлери бойынша тарифлерди арттырыў менен байланыслы қәрежетлер ушын ажыратылған бюджет қаржылары есабынан; пенсиялар ҳәм напақалар муғдарларын арттырыў менен байланыслы қәрежетлер – Мәмлекетлик бюджет ҳәмде Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия фонды қаржылары есабынан қапланады. 6. Усы пәрман талапларын орынлаў ушын талап етилетуғын қосымша қаржылар Өзбекстан Республикасының республика бюджети қәрежетлерин арттырыў есабынан қаржыландырылсын. Жумыс бериўшилерге ис ҳақы муғдарын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан кем болмаған түрде төлеўди тәмийинлеп, ис ҳақы муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына муўапық арттырыў усыныс етилсин. 7. Экономика ҳәм қаржы министрлиги: Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет ҳәм социаллық тармақларда кең сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин; мәпдар министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин. 8. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип экономика ҳәм қаржы министри Ш.Д. Кудбиев белгиленсин. Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министр орынбасары Ж.А. Қўчқоровқа жүклетилсин.Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев