Қарақалпақстанның алыс аймақлары жаңаша түске енип бармақта
Қарақалпақстанның алыс аймақлары жаңаша түске енип бармақта
973
Ең әҳмийетли машқалаларды сапластырыўға қаратылған әмелий жумыслар республикамыз аймағында қызғын пәтлерде даўам етпекте. Халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил ететуғын жолларды оңлаў, таза ишимлик суўы ҳәм газ тармағын тартыў, электр энергиясын жақсылаў, мектеп ҳәм бақша, медицина пунктлерин қурыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳүрметли Президентимиздиң жеке қадағалаўына алынған. Атап айтқанда, Бозатаў районы аймағында ишки хожалық жолларын оңлаў, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тәмийнаты объектлерин жаңалаў бағдарында 6 жойбар бойынша 8,6 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, соннан бүгинги күнде 6,3 млрд. сум жумыс көлеми жуўмақланды.Ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 4 объектте 4 млрд сумлық 15,3 км топырақ жолларға қум-щебень араласпасы төселиўи режеде белгиленип, жумыслар баслап жиберилген еди. Ҳәзирги күнде 2,6 млрд сумлық 11,3 км жолларда қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды. Соның менен халқымызға ең керекли болған тиришилик дереги ишимлик суўы тармақларын жақсылаў ушын 4,6 млрд. сум ажыратылып, 21 км суў тармағын жаңалаў белгилеп алынған болып, бүгинги күнге келип 3,7 млрд. сумлық 11,4 км суў тармағы тартылды.Бул жумыслардың барлығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сәнесиндеги ПҚ-408-санлы «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети