Президент Қарақалпақстанға келди
1302
Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына келди. Сапар даўамында жаңа кәрханалар иске түсирилип, республикада санаатты раўажландырыў бағдарлары белгиленеди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының жаслар менен пикирлесиўи, мәҳәллелердеги жумысларды көзден өткериўи ҳәмде мәдений илажда қатнасыўы режелестирилген.

