Кегейлиши ҳаял-қызлар заманагөй кәрханада жумыслы болды
Кегейлиши ҳаял-қызлар заманагөй кәрханада жумыслы болды
1425
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын Кегейли районындағы “Ақтуба текстил” кәрханасынан баслады. Алдын бул районда санаат улыўма жоқ еди. Экономиканы қурамлық өзгертиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, аймақлараралық бирге ислесиўдиң нәтийжелери бул жерде сезилмекте. Соннан, әндижанлы исбилерменлер менен биргеликте үш жойбар иске түсирилди.
Олардан бири – “Ақтуба текстил” жылына 3 миллион данадан артық трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Буның ушын Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған ҳәм 500 жумыс орны жаратылған. Жылына 6 миллион долларлық өнимди экспортқа шығарыў режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, жумысшы ҳаяллар менен сәўбетлести. Шетки аймақларда бундай жаңа кәрханалар ашылып атырғанлығы, ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленип атырғанлығының әҳмийетин атап өтип, буны даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди. Кәрхананың өзинде кәсип-өнерге қайта таярлаў оқыў орайы шөлкемлестирилген. Онда жақын мәҳәллелердеги жумыссыз пуқаралар өнер үйренип, өз жолын табады.