«Әмелге асырып атырған жумысларымыз көп, халқымыздың өзи бул өзгерислерге әдил баҳасын береди» - Президент
1392
Сонғы алты жылда Қарақалпақстанда 15 триллион сум инвестиция есабына 5300 ден аслам жойбар әмелге асырылды. Исбилерменлер саны 2 есеге көбейип, 46 мың турақлы жумыс орны жаратылды.
Алдын санааты ең төмен болған 6 районда ислеп шығарыў 2-3 есеге артып, Қарақалпақстандағы үлеси 12 процентке жетти. Қараөзекте санаат 5 есеге, Елликқала, Мойнақ, Тахтакөпирде 3 есеге, Шоманай ҳәм Нөкис районында 2 есеге артып, бул районларда ислеп шығарыў 2 триллион сумға жетти.
«Улыўма, сонғы алты жылда Қарақалпақстанда санаат 1,3 есеге өсти, 61 түрдеги жаңа өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылды. Әсиресе, химия, қурылыс материаллары, азық-аўқат, текстил ҳәм тоқымашылық, фармацевтика санааты өнимлерин ислеп шығарыў 2 еседен артық өсти. Мине, бүгин де сизлер менен биргеликте 1 мың 100 жаңа турақлы жумыс орнына ийе 6 кәрхана иске түсириледи», - деди мәмлекет басшысы.
Усы кәрханалар арқалы, Қарақалпақстанда ислеп шығарыўға 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.
«Бирақ, экономиканы раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша еле имканиятлар көп. Өткен жылы август айында келип, ҳәмме ўазыйпаларды белгилеп алған едик.
Соннан, Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм социаллық мәселелерди шешиў бойынша үлкен қарар ҳәм бағдарлама қабыл етилди. Булар менен 2023-жылдың өзинде 670 миллиард сум ҳәм 340 миллион доллар қаржылар ажыратылды”, — деди мәмлекет басшысы.
Шавкат Мирзиёев исбилерменлер ушын пайда, айланбадан салық, жер ҳәм мал-мүлк салықлары 2 есеге пәсейтилгени, сондай-ақ, социаллық салық 1 процент етип белгиленгенин атап өтти.
«Бул арқалы, Қарақалпақстанның барлық исбилерменлеринде (23 мың) жылына 500 миллиард сум қалып атыр. Тек ғана усы аймақ исбилерменлерине коммерциалық кредитлериниң 75 процентине Исбилерменлик фонды кепиллиги берилиўи белгиленди. Ҳәр бир районға министрлер, ўәлаят ҳәкимлери, мәкеме ҳәм банклер басшылары бириктирилди. Әмелге асырып атырған жумысларымыз көп ҳәм буны халқымыз көрип турыпты. Олардың өзи бул өзгерислерге әдил баҳасын береди», — деп қосымша етти Президент.