Жаңа кәрханалар иске қосылып, гезектеги режелер белгиленди
Жаңа кәрханалар иске қосылып, гезектеги режелер белгиленди
1465
Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерилди.
Илаж алдында 6 жаңа кәрхананы иске қосыў мәресими болды. Беруний районындағы «Беруний бийдай кластер» ҳәм «Райхан аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының 3-басқышы, Қоңырат районындағы «ККРаси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут ҳотел», Төрткүл районындағы «Хозагро» ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслер потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди. Бул кәрханаларда жәми 1 мың 100 турақлы жумыс орны жаратылады, олар арқалы өндириске 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.
Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, бул жаңа кәрханаларды иске қосты.
Негизинде бул Қарақалпақстан Республикасындағы раўажланыўдың избе-из даўамы. Соңғы алты жылда аймақта 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылған. Исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейип, 46 мың турақлы жумыс орны жаратылған. Бурын санааты ең төмен болған 6 районда өндирис 2-3 есеге артып, Қарақалпақстандағы үлеси 12 процентке жеткен.
Улыўма, бул дәўирде Қарақалпақстанда санаат 1,3 есеге өсип, 61 түрдеги жаңа өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылған. Әсиресе, химия, қурылыс материаллары, азық-аўқат, текстиль ҳәм тоқымашылық, фармацевтика санааты өнимлерин ислеп шығарыў 2 еседен зыят өскен.
Өткен жылы 31-августта мәмлекетимиз басшысының «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм үлкен бағдарлама қабыл етилген еди. Олар менен 2023-жылдың өзинде 670 миллиард сум ҳәм 340 миллион доллар қаржылар ажыратылды.
Исбилерменлерге тартымлы бизнес орталығын жаратыў мақсетинде пайда, айланыстан салық, жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылды, социаллық салық 1 процент етип белгиленди. Бул арқалы Қарақалпақстанның барлық исбилерменлериниң ықтыярында жылына 500 миллиард сум қалып атыр.
Тек усы аймақ исбилерменлерине коммерциялық кредитлердиң 75 процентине Исбилерменлик қоры кепиллиги берилетуғыны белгиленди. Бундай имканиятлар тараўлардың раўажланыўына қосымша түртки берди.
– Биз бир ел ҳәм бир халықпыз! Ҳәмме ўәлаятлар Қарақалпақстанды раўажландырыўға өз үлесин қосыўға бел байлаған. Ҳәр бир районға министрлер, ўәлаят ҳәкимлери, уйым ҳәм банклердиң басшылары бириктирилген. Оның нәтийжелери барлық районларда көринбекте ҳәм бул жумыслар тоқтамайды,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан халқының абаданлығын және де арттырыўға қаратылған үш жаңа басламаны билдирди.
Бириншиси, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум ажыратылады.
Екиншиси, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп бериледи.
Үшиншиси, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихтан жер ажыратылады.
Мәжилисте жумыс орынларын көбейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, социаллық инфраструктураны жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қарақалпақстанда 72 мың рәсмий жумыссыз бар. Ҳәр жылы 43 мың жаслар мийнет базарына кирип келеди. Соларды есапқа алып, 193 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм Қарақалпақстанды «жумыссызлықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў мақсет етип қойылды. Бул бойынша ири кәрхана ҳәм кластерлер, кәншилик, шаңарақлық исбилерменлик, жумысты үйге бөлип алып ислеў ҳәм аўыл хожалығындағы имканиятлар көрсетип өтилди.
Азық-аўқат өнимлери мол ҳәм арзан болыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылы халыққа 6 мың 600 гектар жер берилген еди, быйыл және 6 мың гектар ажыратылмақта. Бул арқалы гешир, пияз, картошка сыяқлы күнделикли өнимлерге талап қапланады. Бостан каналын бетонлаў есабынан Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районларында 100 мың гектарда суў тәмийнаты жақсыланады. Атыз шетлеринде 3,6 мың гектарда асқабақ, жүзим ҳәм овощ жетистирип, 42 мың тонна өним алынады.
Қарақалпақстанда 51 мектепте оқыўшылар саны нормадан 2 есеге көп. 208 мәҳәлледе ишимлик суўы тәмийнаты жақсы емес. 120 километр магистраль ҳәм ең көп машина қатнайтуғын 600 километр ишки жолларды оңлаў керек. Соның ушын 9 районда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, мектеп ҳәм емлеўханаларды оңлаўға, соның ишинде, ыссылық тәмийнатына қосымша қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.
Жолларды оңлаў, электр энергиясы жетиспеўшилигин сапластырыў илажларын көриў бойынша да көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстанлы белсендилер бул шеклерди орынлаў өзлерине байланыслы екенин, ҳәмме бирлесип ислесе, нәтийжелер және де жақсы болатуғынын атап өтти.