Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында миллетлер аралық татыўлыққа арналған мәдений илаж болып өтти. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Дерлик жүз жыллық тарийхқа ийе усы дәргай көркем өнер раўажланыўында, жаслар тәрбиясы ҳәм халықтың мәдений турмысында мүнәсип орынға ийе. Ақырғы жылларда театр күнделикли оңланып, әсбап-үскенелер жаңаланды. 2017-жылда оған академиялық театр дәрежеси берилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде нураныйлар, көркем өнер тараўы ўәкиллери менен бирге мәдений бағдарламаны тамашалады.
Қарақалпақстанда көплеген миллет ўәкиллери тыныш ҳәм татыў жасап келмекте. Бағдарламада усы тәрепи тәсиршең образларда сәўлелендирилди. Халық дәстанларынан үзиндилер, “Шағала”, “Дембермес”, “Нигарим” сыяқлы қосықлар ҳәм намалар атқарылды. Алишер Наўайы, Бердақ, Мақтумқулы ҳәм Абай дөретиўшилигинен үлгилер оқылды. Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов қәлемине тийисли «Туўысқанлық» қосығы ҳәм «Өзбекстан» қосығында миллетлер аралық татыўлық, аўызбиршилик, тынышлық қәдири баян етилди.
Президентимиз бул жерде қарақалпақстанлы дөретиўшилер, мәденият тараўы ўәкиллери менен пикирлести. Көркем әдебий бағдарламаны жоқары баҳалады.
Өзбек ҳәм қарақалпақ еки тилли бир ел. Әсирлер даўамында бирге жасап, дос, туўысқан болып, бир халыққа айланып кеткен. Олар бүгин мәмлекетимиз тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында бирге. Бул тек ғана сахнада емес, турмысымызда да өз сәўлелениўин таўып атыр.
Мәмлекетимиз басшысы усы қәдириятларды улуғлаўшы шығармаларды көбирек қойыў, гастролларға шығып, жасларды театрға қайтарыў, мәдениятын байытыў әҳмийетлилигин атап өтти.