Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрди.
Бул комплекс жаслардың қәбилети ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған. Соннан, компьютер саўатлылығы, график дизайн, робототехника, 3D моделлестириў, акселерация сыяқлы 9 жөнелисте жылына 1 мың 500 жигит-қыз билим алыўы мүмкин. Буның ушын заманагөй техника, лаборатория ҳәм устахана үскенелери орнатылған. Бүгинги күнде оқыў курслары питкериўшилериниң идеялары стартап формасына келтирилип, “Болажақ илимпаз”, “Technoways”, “Start4 Region” сыяқлы таңлаўларға 50 ге жақын жойбар тапсырылған. Сондай-ақ, “Арал теңизиниң қурғақшылықлы аймақларында туқымгершилик плантациясын шөлкемлестириў” темасында улыўмалық баҳасы 955 миллион сумлық жойбар әмелге асырылмақта. Бул теңиздиң қурыған түбиндеги жерлерден пайдаланыў, суўды тежеў ҳәмде дузды кемейтиўге хызмет етеди. Улыўма алғанда, усы технопарк жаслардың умтылыс ҳәм идеяларын жетистириўине шекем жәрдем береди.
Мәмлекетимиз басшысына жас фермер ҳәм илимпазлардың қурғатылған органикалық помидор, ақаба суўларды тазалаў ҳәм балықларға азықлық өсимлик жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасыл технологияларға тийкарланған бул жойбарлар Европа мәмлекетлериниң сертификатларына ийе болған. Президентимиз бул жойбарларды қаржылық қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў кереклигин атап өтти.