Президент Нөкистеги Алтын жағыс мәҳәллесинде мийманда болды
Президент Нөкистеги Алтын жағыс мәҳәллесинде мийманда болды
1423
Президент Шавкат Мирзиёев 30-март күни Нөкис қаласындағы Алтын жағыс мәҳәллесинде болып, халықтың турмыс шараяты менен жақыннан танысты.
Бул жерде 4 мыңнан зыят халық жасайды. Мәҳәллелердеги мәнзилли жумыслар Алтын жағыста да өз нәтийжесин бермекте. Жақын-жақынға шекем бул мәнзил транспортлар барыўы қыйын, коммуникация тармақлары жетиспейтуғын орын еди. Өткен жылы бул жер “Абат мәҳәлле” бағдарламасына киргизилип, кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Жол, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәмде газ тармақлары жаңаланды.
Мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, оның әтирапында балалар майданшалары, медицина пункти, исбилерменликке көмеклесиўши орай, саўда шақапшасы шөлкемлестирилди. Заманагөй спорт комплекси қурып питкерилмекте. Бундай бир пүтин комплекс халыққа қолайлық жаратады.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги өзгерислерди көзден өткерди, халық пенен пикирлести.
– Мәҳәллеңиз абат болғанын, адамлар жүзиндеги разылықты көрип қуўанышлыман. Буны ҳәмме орында даўам еттиремиз. Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын усы жыл 1,5 триллион сум берип атырмыз. Буннан тысқары, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Машқаланы мәҳәллениң өзинде көтерсин, өзине пул берейик, өзи қадағаласын. Сонда сапа ҳәм мәпдарлық болады. Адамлар разы болады, – деди Президент.
Бул жерде де исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға итибар қаратылмақта. Мәҳәллениң жери өнимдар емес. Халық тийкарынан хызмет көрсетиў арқалы дәрамат алады. Мәҳәлледе турмыслық хызмет шақапшалары, тигиўшилик кәрханалары, нанбайхана, мебель ислеп шығарыў ҳәм техникалық хызмет устаханалары бар. Алдағы ўақытта қояншылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў режестирилмекте.
Мәҳәлле менен танысыў узақ даўам етти. Мәмлекет басшысы жергиликли турғын Қуўанышбай Сейтназаровтың шаңарағында ифтарлик қылды.
Елимизди Наўрыз кейпияты еле тәрк етпеген. Президентимиз мәҳәлле турғынларының сүмелек сейилинде де қатнасты.
Шавкат Мирзиёев усы жерде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен де сәўбетлести.