Көшпели қабыллаўлар тийкарында пуқаралардың машқалалары өз шешимин таўып атыр
Көшпели қабыллаўлар тийкарында пуқаралардың машқалалары өз шешимин таўып атыр
1881
Хожели районында 1-апрель күни азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў 2-апрель таңғы саат 04:00 ге шекем, яғный 18 саат даўам етти. Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген болып, бунда барлық илажлар «Инсан қәдири ушын», ал, ийгиликли әмеллер болса «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстем»-деген принцип тийкарында турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр. Бунда пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жолында барлық илажлар көрилмекте. Ҳүрметли Президентимиз өз сөзинде "Әмелге асырылып атырған барлық реформаларымыз төркининде инсан қәдирин улуғлаўға қаратылған ийгиликли идея жәмленген." деп атап өткен еди. Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў, оларға мүнәсип шараят жаратыў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар да мине усы "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында шөлкемлестирилмекте. Усы жылдың 1-апрель күни Хожели районында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың Әмиўдәря, Тақыятас ҳәм Хожели районлары пуқаралары ушын гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.
Өткерилген қабыллаўда өзиниң машқалалары менен 450 ден аслам пуқара келген болса, соннан 231 пуқара 256 мәселеде Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат етти ҳәм оларға орнында шешим табыў илажлары көрилди. Пуқаралар тәрепинен тийкарынан социаллық қоллап-қуўатлаў, медициналық жәрдемлер көрсетиў, аўыл хожалығы тараўы, билимлендириў, мектепке шекемги тәлим, банк кредитлери менен байланыслы мәселелер, жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысында ушырасып атырған машқалалар, мәҳәллелердеги жол, ишимлик суў, газ мәселелери, турмыслық, социаллық машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги яғный 61 пайызы орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, бағыўшысынан айырылған ҳәм машқаласы себепли қыйналып келген пуқаралардың мәселелери орнында шешип берилди, өз нәўбетинде бул пуқаралар мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясаттан, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы ийгиликли, соның менен бирге әмелий жумыслардан кеўили толып, миннетдаршылықларын билдирмекте.
Ҳүрметли Президентимиз «Инсан қәдири уллы. Ол ертеӊ емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз өмиринен разы болып жасаўы керек»-деп атап өткен еди. Президентимиздиӊ басламасы ҳәм басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың турмыста өз сәўлесин табыўы ҳәм пуқараларымыздыӊ бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў мақсетинде олардыӊ машқалаларын шешиў бойынша илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети