ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ ҚАНЛЫКӨЛДЕ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ
2348
Усы жылдың 1-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Қанлыкөл районында болып, белсенди жаслар ҳәм исбилерменлер менен ушырасты.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жылдың 27-декабрь күни Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен өткерилген ушырасыўда “Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта түпкиликли бурылыс жылы болады”, деп атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да, бүгинги глобалласыў шараятында келешегимиз ийелери болған жасларымызды көз қарашығындай қәстерлеп сақлаў, жәмийетте халық, әсиресе, жасларымыздың мәнаўиятын ҳәм билим дәрежесин турақлы түрде раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасында «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға» деген идея тийкарында, жасларды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларда пидайылық, әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин қәлиплестириў бойынша бир қатар ислер әмелге асырылып, өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.
Бир ғана мысал, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзалары, жоқары оқыў орынлары студентлеринен ибарат белсенди жаслар топарларының Арал теңизиниң қурыған ултанында “Жасыл қапламалар” – қорғаў тоғайзарлықларын жаратыў жумысларында мийнет етип атырған жумысшылар ҳалынан хабар алыў, олардың машақатлы мийнети менен танысыў мақсетинде аймаққа саяхат етип, “Теңиз шегинсе де инсан шегинбейди”, “Биз – жаслар Арал тәғдирине бийпәрўа емеспиз” сүрени астында өз қүш-жигерин Арал ушын жумсаў, жумысшыларға көмек бериў басламасы менен шықпақта.
Бул мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжатында да айрықша атап өтилди: “Жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа басламамызды пүткил мәмлекетимиз бойынша әмелге асырамыз. Мен ўәлаят басшыларын, орынлардағы барлық жәмийетшиликти усы мәселеге айрықша итибар бериўге шақыраман”.
Жасларымыздың республикамыз аймақларына саяхат етип, социаллық-экономикалық объектлер менен танысыўы, жергиликли жаслар, исбилерменлер менен сәўбетлесиўи, пикир алмасыўы избе-излик пенен даўам еттирилмекте.
Қанлыкөлдеги ушырасыўлар да жүда қызықлы ҳәм нәтийжели болды. Күнниң биринши ярымында район орайындағы “Ғәрезсизлик” көшеси бойлап “Спорт – саламатлық гиреўи” жуўырыў марафоны өткерилди. Жеңимпазлар қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Жаслар орайында мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларында табысларға ерискен жаслар менен район жасларының, мәденият сарайында халық артистлери, хызмет көрсеткен артистлер ҳәм мәденият хызметкерлери менен дөретиўшилик ушырасыўлары шөлкемлестирилди, жанлы ҳаўазда қосықлар айтылып, спектакльлерден үзиндилер көрсетилди. “Жайҳун” стадионында жас өспиримлер арасында Қоңырат, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай районлары командаларының қатнасыўында футбол жарыслары өткерилди. Жеңимпазларға Президент саўғалары – спорт инвентарьлары тапсырылды.
Райондағы 18-санлы мектепте “Ең жақсы китапқумар” таңлаўының жеңимпазлары, сондай-ақ, билимлендириў тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен жаслар менен мектеп оқыўшыларының ушырасыўы шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен китаплар көргизбеси өткерилип, усы мектепке 500 дана китап саўға етилди.
Сондай-ақ, район орайындағы “Алтынкөл” гүзары бойында “Жаслар бағы”н шөлкемлестириў мақсетинде терек нәллерин отырғызыў илажы да көтериңки руўхта шөлкемлестирилди.
Күнниң екинши ярымында мийманлар ҳәм район жаслары “Кантекс-Инвест” кәрханасының жумыс процеси менен жақыннан танысты. Кәрхана пахта шийки затынан жип ислеп шығарыўға қәнигелестирилген болып, жылына 10 мың тонна жип ислеп шығарады. Ислеп шығарылған өнимлер Россия, Түркия, Польша ҳәм Украина мәмлекетлерине экспорт етиледи.
Усы кәрхананың мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов бир топар исбилерменлер ҳәмде белсенди жаслар менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында жаслардың бәнтлиги, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, китапқумарлыққа бағдарлаў, билим алыўы, кәсип ийелеўи ушын шараят жаратыў, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумысларды және де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилип, ҳәзирги күнде Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлге шыдамлы өсимликлерди егиўде жаслардың қосып атырған үлеси айрықша баҳаланды.
Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткен ушырасыўда жаслардың пикир-усыныслары тыңланды, олардың турмысындағы машқалалар, әхмийетли ўазыйпалар додаланды. Оларды шешиўге қаратылған системалы жумысларды әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди ҳәмде жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.
Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы бир топар белсенди ҳаял-қызларға 10 заманагөй телефон, сондай-ақ, спортшы Үсен Шамуратовқа ноутбук саўға етти.
Ушырасыў соңында исбилерменлер тәрепинен жаслар ушын мастер класслар өткерилди.






